Қытайдың Ханчжоу қаласында өткерилип атырған Азия ойынларының оныншы күни Өзбекстан спорт делегациясы ушын оғада әўметли келди.
Атап айтатуғын болсақ, кеше өткерилген жарыслар жуўмағында, елимиз спортшылары 3 алтын, 1 гүмис ҳәм 3 қола медальларын қолға киргизип, улыўма медальллар санын 50 ге жеткерди.
Соннан, 14и алтын, 15и гүмис ҳәм 21и қола медальлар болып есапланады.
Өзбекстанлы спортшылар улыўма командалық рейтингте Қытай, Япония, Қубла Корея ҳәм Ҳиндстаннан соң 5-орынды ийелеп тур.
Солардың арасында бокс бойынша кеше өткерилген ярым финал ушырасыўында Баҳодир Жалолов қытайлы боксши менен беллесиў өткерип, оны 1-раундтың өзинде-ақ нокаутқа ушыратыўға еристи ҳәм бул жеңиси арқалы Париж Олимпиадасы жолламасын қолға киргизди.
Бүгин басланған жарысларда болса, грек-рим гүреси бойынша Қарақалпақстанның мақтанышына айланған палўан Жалғасбай Бердимуратов гүреске түсип, шерек финалда қазақстанлы, ярым финалда япониялы палўанды жеңилип шығып финал жолламасын қолға киргизди.
Енди ол алтын медаль ушын бүгин саат 14:00 де иранлы Насир Ализада менен гүреске шығады.
Сондай-ақ, бүгин 3 боксшимиз ярым финал беллесиўлерин өткереди. Атап айтқанда, -51 кг салмақта Ҳасанбой Дўсматов япониялы Томоя Цубои, -80 кг да Тўрабек Хабибуллаев қытайлы Танглайтан Тўхтарбай, -57 кг да Абдумалик Халоков қытайлы Пинг Лю менен Париж Олимпиадасы жолламасы ушын гүрес жүргизеди.
Соның менен бирге, Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан олимпиада сайланды командасы болса, бүгин саат 17:00 де қубла кореялы футболшылар менен майданға түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы