Пекин университети жанындағы демографиялық изертлеўлер институтының қытайлы қәнигелери бесинши әўлад мобиль байланыс тармақларының жасы үлкен адамлардың саламатлығына тәсирин үйренди.

Изертлеў Қытайдың түрли провинцияларында жасайтуғын 60 ҳәм оннан үлкен жастағы 2334 қатнасыўшы арасында өткерилди. Анализ даўамында субъектлердиң социаллық-демографиялық өзгешеликлери, сондай-ақ, жасы, жасаў орынлары, шаңарақлық жағдайы, дәраматы, бәнтлиги, жуқпалы кеселликлери ҳәм басқа факторлар есапқа алынды.

Илимпазлардың айтыўынша, 5G сиясаты кексе адамларға денсаўлығын жақсылаў ушын жаңа имканиятлар береди. Көбирек адамлар ақыллы қурылмалардан пайдаланыўы ҳәм интернетке кириўи мүмкин болды, бул денсаўлықты сақлаў мағлыўматларына кириўди жеңиллестиреди ҳәм социаллық келип шығыўды хошаметлейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги