Президент Шавкат Мирзиёев 22-сентябрь күни халықты сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимизде халықтың саламатлығын жақсылаў ҳәм турмыс сапасын арттырыўға қаратылған көплеген социаллық, аймақлық бағдарламалар орынланбақта. Атап айтқанда, кейинги алты жылда ишимлик суў тараўына мәмлекетлик бюджеттен 14 триллион 500 миллиард сум ямаса алдынғы дәўирге салыстырғанда 6 есеге көп қаржы ажыратылған. 31 мың километр ишимлик суўы ҳәм ақаба тармақлары өткерилген, 1200 суў имаратында қурылыс-оңлаў жумыслары исленген. Бул жумыслардың нәтийжесинде мың мәҳәлледеги 6,5 миллион халық жасайтуғын шаңарақларға биринши рет таза ишимлик суў кирип барды.
Бирақ, еле 30 район ҳәм 1 мың 400 мәҳәлледе ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў талап етиледи. Олар ушын таза суў дәрегин табыў зәрүр.
Көп жағдайларда суў бийкарға ысырап болып атыр, тутыныўшының анық есабы жоқ. Айырым насослар, тараў кәрханаларына тийисли арнаўлы техникалар ескирген.
Сын көзқарастан өткен мәжилисте бундай машқалалар додаланып, зәрүр илажлар белгиленди.
«Өзсуўтәмийнат» акционерлик жәмийетине усы жылдың ақырына шекем 12 мың километр тармақ ҳәм 1300 суў имаратын қурыў ҳәм оңлаў ўазыйпасы қойылды. Буның есабынан 145 мәҳәлледеги 1 миллион 100 мың халық биринши рет орайласқан ишимлик суўынан пайдаланады, 2 мың мәҳәлледеги тәмийнат жақсыланады.
Ўәлаят ҳәкимлерине халық депутатлары менен бирге келеси жыл ушын бағдарлама ислеп шығып, ҳүкимет қарарына киргизиў тапсырылды. Онда суў тәмийнаты дәрежеси төмен 30 районға айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Қўшработ районында ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў, Бухара ҳәм Жиззақ қалаларында ақаба суў, Гүлистан, Янгиер ҳәм Ширин қалаларында канализация системаларын реконструкциялаў сыяқлы жойбарлардың орынланыўы көрип шығылды.
Бухарадағы жумыслардың қәрежети оптималластырылғаны усы бағдарда үлги болып есапланады. Атап айтқанда, Бухара қаласында тазалаў ҳәм ақаба суў системасын реконструкциялаў бойынша 281 миллион доллар муғдарындағы жойбардың 75 миллион доллары жумсалған. Бул қаржы есабынан және 1150 километр суў ҳәм 117 километр ақаба тармақларын қурыў мүмкин.
Бундай жойбарлардың қәрежетлерин оптималластырыў, жумсалған қаржыларды сол аймақтағы суў тәмийнаты ҳәм ақаба системасын жақсылаўға қаратыў әҳмийетли екенлиги айтылды.
Тараў жуўапкерлери ҳәм ўәлаят ҳәкимлерине және 24 перспективалы жойбардың техникалық-экономикалық тәреплери бойынша көрсетпелер берилди.
Суў жеткериўши насосларды энергияны үнемлейтуғынына алмастырыў, тараў кәрханаларын финанслық турақластырыў илажлары да белгиленди.
ӨзА