Жол ҳәрекети қағыйдаларына бола, төмендеги жағдайларда адамларды тасыў қадаған етиледи:
балаларды жүк автомобильлердиӊ жүкханасында;
транспорт қуралларыныӊ кабинасынан тысқарыда ( адам тасыў ушын мөлшелленген бортлы жүк ямаса фургон-жүк ханалы автомобильлер бунған кирмейди);
тракторлар ҳәм басқада өзи жүретуғын үскенелер, жүк тасылатуғын тиркемелер, тиркеме- үйше, жүк мотоцикльлери жүкханасында;
мотоцикльлердиӊ конструкциясында нәзерде тутылған орынларынан тысқарыда;
12 жасқа толмаған балаларды мотоцикльдиӊ арқа орынлығында, сондай-ақ, балаларды услап турыўшы арнаўлы қурылма орнатылмаған транспорт қуралларыныӊ алдынғы орынлығында;
адам саны транспорт қуралыныӊ техникалық характеристикасында нәзерде тутылған муғдардан артық болғанда.
Онда транспорт қуралыныӊ ҳақыйқый салмағы оны ислеп шығарған кәрханада белгиленген рухсат етилген салмақтан аспаўы керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги