Бүгинги күнде музейлер туризм тараўының жетекши тармағына айланып бармақта. Музейлерге келиўшилердиң санын арттырыў мақсетинде ҳәр айдың биринши екшембиси «Ашық есиклер күни» деп жәрияланып, ҳәр 3 айда «Музейде түн», «Open Air Fest» сыяқлы кеўилашар бағдарламалар, концерт тамашалары шөлкемлестирилмекте.  

Жақында Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң филиалы Мойнақ экология музейинде «Музейде түн», «Open Air Fest» кеўилашар бағдарламасы шеңберинде концерт илажлары болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 27-июньдеги «Музейлерде хызметлер тараўын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген илажда районлық мәденият үйи хызметкерлери, Музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң, «Бәркамал әўлад» балалар мектеби оқыўшыларының қатнасыўында концерт бағдарламасы усынылды.


Сондай-ақ, усы күни музей жанындағы «Өнерментлер аллеясы»нда «Миллийрам» атамасында мастер-класс шөлкемлестирилди. Онда жергиликли өнермент Гүлшад Көмекбаева ҳәм оның 3 шәкирти «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң оқыўшы қызларына миллий нағысларды заманагөйлестириў туўралы кеңнен түсиник берди.

– Белгиленген реже бойынша усындай илажларды турақлы түрде өткерип келмектемиз, -дейди Мойнақ экология музейиниң илимий хызметкери Гәўхар Абдукаримова. – «Музейде түн» илажында музейге келиўшилер ушын түн даўамында есиклеримиз ашық турады. «Open Air Fest» фестивалында районымыз турғынларының кеўлин көтериў мақсетинде концерт бағдарламалары шөлкемлестириледи.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги