Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясының 2022-жыл 29-декабрьдеги 10-санлы мәжилис протоколы менен «Мәмлекетлик Жоқары оқыў орнына кириў ушын берилген жеңилликлердиң бирден-бир реестри» тастыйықланған.
Реестрден 43 жеңиллик түри орын алған:
- Имтихансыз қосымша мәмлекетлик грант тийкарында студентликке усыныс етиў ушын тийкар болатуғын жеңилликлер (15);
- Имтихансыз базалық төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етиў ушын тийкар болатуғын жеңилликлер (4);
- Тийисли пән бойынша имтиханнан азат етилип, белгили муғдарда балл бериўге тийкар болатуғын жеңилликлер (5);
- Топланған баллға салыстырғанда қосымша балл бериў ушын тийкар болатуғын жеңилликлер (2);
- Қосымша квота шеңберинде таңлаўда қатнасыў ушын тийкар болатуғын жеңилликлер (13);
- Қосымша жеңилликлер (4).
Реестрде жеңилликлер классификациясы, жеңиллик берилиўине жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар, жеңиллик берилетуғын абитуриентлер категориясы ҳәм жеңиллик берилиўинде ҳуқықый тийкар болатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң атамалары киргизилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги