26-апрель күни өзбек киносының байтереклериниң бири болған белгили режиссёр, миллий кинода нәтийжели мийнет еткен инсан – Шуҳрат Аббосов дүньядан көз жумды. Бул ҳаққында Kun.uz сайты хабар бермекте.
Мағлыўматта келтирилиўинше, режиссёр 7-апрельден берли бөтеке жетиспеўшилиги, анимия ҳәм жүрек жетиспеўшилиги кеселликлери менен биринши республикалық стационар емлеўханасында емленип келген.
Өзбек киносында өзгеше жаңалық болған, өз жөнелиси бойынша айрықша орын ийелеген, «Маҳаллада дув-дув гап» (1960), «Сен етим эмассан» (1962), «Тошкент – нон шаҳри» (1967), «Абу Райҳон Беруний» (1974), «Оловли йўллар» (1977-1985), «Отамдан қолган далалар» (1997), «Дилор, Дилор, дил ва ор» (2015), «Яна маҳаллада дув-дув гап» (2016-2017) фильмлерине режиссёрлық еткен Шуҳрат Аббосов 25-апрель күни саат 18:00 де көз жумған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги