22-апрель күни Ташкент қаласындағы «Түркстан» сарайында  спорттың бодибилдинг түри бойынша Орта Азия бодибилдинг фитнесс ҳәм масрестлинг чемпионаты өткерилди.

Чемпионатқа  Өзбекстан бодибилдинг фитнесс ҳәм масс-рестлинг федерациясы Қарақалпақстан филиалынан, республикамыздағы барлық ўәлаятларынан, сондай-ақ, Қазақстан, Түркменстан мәмлекетлеринен жәми 300ге шамалас спортшылар қатнасты.

Чемпионаттың қызықлы тәрепи сонда оған ҳаял-қызлар да қатнасты.

Чемпионатқа жерлесимиз Илҳам Мырзамуратов бодибилдинг бағдары бойынша 75 килограмм салмақ категориясында қатнасып, үшинши, Ислам Сержанов атлет-физик бағдары бойынша 81 килограмм салмақ категориясында қатнасып бесинши орынды ийеледи.

Спортшылардың ерискен жетискенлиги менен Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министри Ғайрат Байниязов қутлықлады.

Спортшылар июнь айында Хорезм ўәлаятында өткерилетуғын жарысқа қатнасыў ушын таярлық көрмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги