Усы жыл 20-май күни Өзбекстан көркем өнер академиясы Каракалпақстан бөлими көргизбе сарайында «Мулоқот» жойбары шеңберинде Халык аралық музейлер күнине бағышланған «Мәнилердиң көшиўи» атамасындағы көргизбеси ашылды. 

«Рухсор» заманагөй көркем өнер музейи менен биргеликте шөлкемлестирилген көргизбе 15 халық аралык художниктиң кейинги дәўирде исленген дөретпелеринен ибарат. Ол түрли тымсаллар, белгилер ҳәм образларды өз ишине алатуғын бақлаўлар болып, олар түрли цивилизацияларда ўақытлар араларындағы бизди қоршап турған реал өмирге көшиўин көрсетеди.

Кейинги ўакытлары биз жаңа мәнилердиң тарийхта, дәўирлерде фантастикалық хәм глобал өзгерислерин көремиз. Бир жағынан, бул жаңа технологиялардың ен  жайыўы, Жасалма интеллект (сана) жаратылыўы болса, екинши жағынан, шексиз урыслар, қарама-қарсылыклар, төменлеп баратырған экологиялық система хәм экономикалық жағдайлардың нәтийжесинде инсанлардың бир-бирине агрессив, исенимсизлик қарым-қатнаслары пайда болмақта. Заманагөй глобалластырылған дүнья изинен жетерли дәрежеде қурамаласқан машқалалар, ҳәрекетлер, концепциялар, стратегиялар ҳәм технологиялардан ибарат.

Көркем өнердиң визуалластырылған түрлери мәденият элементлериниң заманагой  көп тәреплемели байланыслары бөлеги ретинде, тәбияттағы ҳәм жәмийеттеги, тарийхтағы ҳәм ҳәзирги заманымыздағы, цивилициялар менен мәденияттағы барлық ҳәдийселер заманагөй турмыста сәўленениўин тапқан.









Усы жойбар шеңберинде кураторлык экскурсия, мәденият ҳәм көркем өнер қәнигелери тәрепинен келешек музейлери ҳаккындағы пикирлерге бағышланған лекциялар, балалар лабораториясы, «Регионда тарийх хәм көркем өнер менен байланысы ҳәм трансформациясы» атамасында дискуссиялар, талкылаў – пикирлесиўлер режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери