Ташкент қаласында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорының басламасы менен усы университеттиң белсенди студент-жаслары тәрепинен қарақалпақ әдебиятында өшпес из қалдырған қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллери Бердақ Ғарғабай улы, Әжинияз Қосыбай улы, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергеновлардың өмир жолы ҳәм дөретиўшилик шығармаларынан таярланған «Саҳро булбуллари номини олган адиблар» атамасында саз-сәўбетли әдебий кеше болып өтти.
Оған елимизге белгили шайырлар, жазыўшылар, ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Әдебий кеше қатнасыўшылары қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына үлес қосқан уллы тулғалардың естеликлерине гүллер қойып, олардың келешек әўладқа қалдырған бийбаҳа әдебий мийрасларын еске алды.
Илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының бөлим баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурманлар сөзге шығып, илаж қатнасыўшыларына 19-20-әсирдеги қарақалпақ әдебиятының ең ири ўәкиллери Бердақ Ғарғабай улы, Әжинияз Қосыбай улы, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергеновлардың дөретиўшилик жолы, бийбаҳа әдебий мийраслары, олардың әдебиятымыздың раўажланыўына қосқан үлеслери ҳаққында жыйналғанларға кең түрде мағлыўматлар берди.
-Бундай илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет – келешек әўладты ана-Ўатанға, халыққа сүйиспеншилик ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, туўысқан халықлар арасында дослық қарым-қатнасықларды раўажландырыў ҳәм өсип киятырған жасларға уллы бабаларымыздың әдебий мийрасларын түсиндириў, олардың дөретиўшиликлерин халқымыз арасында және де кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады – дейди университет проректоры С.Алаўатдинов.
Ташкент қаласының ең пайызлы орынларының биринде өткерилген әдебий кешеде университеттиң талантлы студент-жаслары тәрепинен атқарылған қосық-намалар, аяқ ойынлар, миллий қол өнери дөретпелери, художниклер көргизбеси ҳәм «Ҳүрлиман» халық ансамбли тәрепинен уллы бабаларымыздың өмир жоллары ҳәм дөретиўшиликлери бойынша таярланған музыкалы-сахналық көринислер жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы