Тақыятас районында көп тармақлы орайлық поликлиниканыӊ жаӊа имараты пайдаланыўға тапсырылды
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Ш.Отемисов, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаӊа имараттыӊ пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиӊ 2022-жыл 22-январьдағы “2022 — 2024-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында елимизде аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларын буннан былай да абаданластырыў, орынларда қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын қәлиплестириў, сондай-ақ, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў инвестицияларын кеӊнен тартыў арқалы жаӊа жумыс орынларын жаратыў, халықтыӊ турмыс шараятын жақсылаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға айрықша итибар қаратылмақта. Райолық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы орайлық поликлиниканыӊ баҳасы 5 миллиард 532 миллион сумлық жаӊа имараты “Сапсан строй сервис” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен сапалы етип қурып питкерилди.
Бул жерде 320 медицина хызметкери аймақтағы 73 мыӊ 500 халыққа басланғыш медициналық хызмет көрсетиўи ушын барлық шараят жаратылған. Күниге 150 ден аслам пуқараға медициналық жәрдем көрсететуғын поликлиникада ултрасес, гастроскопи́я, оториноларингология, травматология, кардиология, неврология, стоматология бөлмелери шөлкемлестирилген. Усы қәнигеликлердеги 40 тан аслам шыпакердиӊ халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўи ушын заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм керекли буйымлар менен тәмийинленген.
Илаж қатнасыўшылары жаӊа имаратта халыққа жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги