Усы жылдың 9-10-декабрь күнлери Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеӊеси Бас министриниӊ орынбасары Ху Чуньхуа басшылығындағы делегация елимизге келди.
Министрлер Кабинетинде 9-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Ху Чуньхуа басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда барған сайын жоқары пәт пенен раўажланып атырған өз-ара қатнасықлардыӊ бүгинги дәрежеге жетиўинде мәмлекетлеримиз басшыларының арасындағы шын жүректен, дослық ҳәм өз-ара исеним принциплерине тийкарланған қатнасықлар әҳмийетли фактор болып хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Атап өтилгениндей, Қытай дәстүрий түрде мәмлекетимиздиң жетекши ҳәм исенимли шериклеринен бири болып табылады. Саўда -экономикалық ҳәм инвеститсиялық шериклик жедел раўажланып атыр. 2021-жылдыӊ жуўмақларына бола, Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы өз-ара саўда айланысы дерлик 8 миллиард долларды қурады. Мәмлекетлеримиз басшылары бул көрсеткишти тез арада 10 миллиард долларға жеткериўди белгилеп берген.
Инвестиция ҳәм заманагөй технологиялар тараўында бирге ислесиў де избе-из раўажланбақта.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде 2 100 ден зыят Қытай капиталы қатнасындағы кәрхана жумыс алып бармақта. Тек ғана 2022-жылдың өткен 10 айында Өзбекстанда Қытай капиталыныӊ қатнасыўында 218 жаңа кәрхана шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда саўда-экономикалық, қаржы, транспорт-логистика, мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың баслы мәселелери бойынша өз-ара пикир алысылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги