Даналар инсанның өмирин аққан дәрьяға уқсатады. Дәрья суўы ҳеш қашан изге қайтпайды. Сарқырап аққан суў алдында гезлескен ҳәр қандай тосықты өз ийримине тартып, алға қарай аға береди.
Адам да ўақыт ийриминде өзиниң бахытлы келешегин қурыў ушын гүресип, өмир жолларында ушырасқан тосқынлықларды мәрдана жеңип, алға талпынып жасайды. Солай екен, аққан суўда, адамның жасап өткен өмири де изге қайтпайды. Тек ғана адамның суўдан бирден-бир айырмашылығы адам өмириниң ҳәр бир өткен күнинде жаңа тарийх жаратып, өз жаңалығы менен турмыс кеширмелериниң дәлили сыпатында жазылып бара береди.
Шоманайлы екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Атаназар Мәмбетназаров та елимиздиң бир қатар жақсы инсанлары қатарында өзиниң жаcап өткен турмыс жолларында умытылмас тарийх жаратып, басқаларға уқсамаған минези ҳәм инсаныйлық пазыйлети менен ҳүрметке бөленген жақсы адамлардың бири еди.
Оның балалығы Қараөзек районында өткен. Ол 1922-жылы 9-май күни әпиўайы аўыл адамы Мәмбетназардың шаңарағында дүньяға келген. Қарақалпақ халқының елеге шекем даўам етип киятырған ат пенен тиллескен шабандозлық өнери Мәмбетназарға да питкен болып, ол аўылда өткен тойларда аттың қулағында ойнаған шабандоз болып, талай тойларда бас байрақ алып, Қараөзек далаларын дүбирлеткен. «Ылақ» ойынларына қатнасып сүйеги қатқан шабандоз өз өнерин жалғыз перзенти Атаназарға «мийрас» етип өткериў ушын оны жаслайынан-ақ аттың белине отырғызып, ат шабар бала етип тәрбиялаған.
Әкесинен ат сейислеў ҳәм шабандозлық өнерин жақсы үйренип, енди сүйеги қатып, үйдиң жүгин жеңиллететуғын 19 жасар Атаназардың шаңарағын да «Урыс» деген суўық хабар шетлеп өтпеди. Мәмбетназар жалғыз баласына ақ пәтия берип, – жаўды жеңип аман қайтқайсаң, – деп қолын дуўаға жайыў менен қала берди. Бул 1941-жыл еди.
Атаназар урыстың дәслепки күнлеринен-ақ фронттың ең қыян-кести саўашларына қатнасты. 1941-жылдың ақырында саўаш майданында Атаназар аўыр жараланып госпиталға жатқарылды. Оның оң тәреп көкирегинен тийген оқ көкирегин тесип өтип, кебзе сүйеги менен қоcа бир қатар сүйеклерин сындырып кеткен еди.
1943-жылы март айында ол оң қолы жақсы ҳәрекетке келмейтуғынлығы себепли хызметке жарамсыз деп табылып, туўылған елине екинши топар урыс майыбы болып оралды.
Урыс пайытында тылда да ғажжа-ғаж мийнет қызғын болған. Муғаллимлер жетиспегенликтен Атаназар аўыл балаларына ҳәрип үйретиўши етип жумысқа тартылды. Урыc жеңис пенен жуўмақланғаннан соң Атаназар Шымбайлы қыз Қәнигүл менен турмыс қурды.
Шоманайдың дақылы мол кең далалары кимлерди өз баўырына тартпады дейсиз. Жаңа қоныс болып, боз далалары мол өним бере баслаған «Мамый» далаларына түрли районлардан халық қонысласа баслаған жыллары Мәмбетназардың шаңарағы да Шоманайға қонысласты. Сол дәўирде Атаназар қупыя хат тасыўшы болып жумысқа араласты. Соңынан байланыс тараўында ислеп почталъонлық жумысын атқарды. Балалығынан зийрек адам болып камалға келген Атаназар Мәмбетназаров араб имласын жақсы өзлестирип, қуран китабын оқыйтуғын саўатқа ийе болды. Сонлықтанда халық арасында кишипейил, туўры сөзли, жақсы пазыйлетли, ақыл парасатлы адам сыпатында танылып, хүрметке бөленди. Ол 77 жыл өмир кеширип, 1999-жылы дүньядан өтти.
Оның перзентлериниң үлкени Зийўар медицина хызметкери, Зифура муғаллим болып жетилисти. Өзи бахытлы турмыс кеширген Шоманай районы орайындағы Өзбекстан көшеси 103-жайда киши перзенти Маман аға шаңарағын ардақлап, өмирлик жолдасы Бағдагүл Айтмуратова менен бахытлы турмыс кеширип атыр. Олардан өнген Жулдызхан, Нилуфар, Айдослар Атаназар ата жасап өткен шаңарақты шадлық нурына толтырып шапқыласып жүр.
Атаназар Мәмбетназаров екинши жер жүзилик урыстағы хызметлери ушын биринши дәрежели «Ўатандарлық урыc» ордени ҳәм ҳәр түрли дәрежедеги медальлар менен сыйлықланды. Бир қатар ҳүрмет жарлықлары, орден-медальлары ҳәм еске түсириўши ҳүжжетлери перзенти Маманның шаңарақ архивинде сақланбақта.
Шоманайлы екинши жер жузилик урыс қатнасыўшысы Атаназар ата Мәмбетназаров аўыр минезли, кишипейил қарақалпақ перзенти сыпатында оны танып-билгенлердиң жүрегинде мәңги мөрленип қалды.
Маманның шаңарағында ҳәр жылы 9-май қоc байрам сыпатында белгиленеди. Еслеў ҳәм қәдирлеў, жеңис күни болыў менен бирге атасының туўылған күни сыпатында белгиленеди.
Атаназар атаның жатқан жери жайлы болсын. Жақсы адам умытылмайды.
А.Атаназаров.
Қарақалпақстан хабар агентлиги