Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде депутатлар тәрепинен орынларда үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
Қарардың жойбар бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылатуғын илажлар топламы параметрлерине муўапық, республикамыз бойынша жәми 252 мәҳәлледеги 259 объектте 293,7 миллиард сумлық жумыслардың әмелге асырылыўы белгиленген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Ахмед Реймов өзи сайланған аймақ Нөкис қаласындағы Ватанпарвар МПЖ да болып, қарар тийкарында әмелге асырылатуғын жумыслардың мазмун- мәнисин, сондай-ақ, аймақтағы 1,5 километрлик ишки жолларға бетон асфальт төсеў, 1 километрлик аралықта пиядалар жолы белгиленген мүддетлерде әмелге асырылатуғынлығы ҳаққында аймақ турғынларына кең түрде мағлыўмат берди.
Сондай-ақ, гүзги жыйын-терим мапазына аймақтан белсене қатнасқан пуқараларға депутат тәрепинен саўғалар да тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги