Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Ҳәкимшилик суды басшыларының гезектеги көшпели қабыллаўы Кегейли районында өткерилди.
Кегейли районы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде шөлкемлестирилген көшпели қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов, Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов, олардың орынбасарлары ҳәм районлық судтың баслығы пуқаралар менен ушырасты.
Онда район пуқараларының суд қарарларына ҳәм басқа да усы бағдардағы мәселелерге байланыслы 20 дан аслам мүрәжатлары көрип шығылды. Көшпели қабыллаў даўамында ҳәр бир мүрәжатқа айрықша итибар қаратылып, нәтийжели шешиўге ҳәрекет етилди. Айырымлары бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.
-Аймақларда шөлкемлестирилип атырған көшпели қабыллаўлар халықты қыйнап атырған әҳмийетли машқалаларды үйрениў ҳәм оларды орнында шешиўге кең имканиятлар жаратпақта, -дейди Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы А.Аметов. – Бүгинги қабыллаўда «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принцип өзиниң әмелий көринисин тапты, деген үмиттемен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги