Индонезия Президенти Жоко Видодо «G20» саммити жумысын ашып берди, деп хабар берди «ТАСС» агентлиги.
Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде «Бизлердиң тек ғана халықларымыз емес, ал пүткил дүнья халықлары алдында жуўапкершилигимиз бар. Жуўапкершилик халықаралық нызамлар ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Режесин ҳүрмет етиўден ибарат», деди.
«Үлкен жигирмалық» мәжилиси режелестирилгенинен ярым саат кеширек, болжаўларға бола, АҚШ Президенти Жо Байденниң кешигип келиўи менен басланды.
Биринши жумыс күни қатнасыўшы-мәмлекетлер жетекшилери азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги, сондай-ақ, глобал денсаўлықты сақлаў архитектурасы мәселелерин додалайды.
Буннан тысқары, Индонезия рәсмийлери уллы мәртебели мийманларды Калимантан атаўының шығыс бөлегинде Жакартадан көширилиўи режелестирилген жаңа пайтахттың жойбары менен танысады.
Саммиттиң екинши жумыс күни Денпасардағы Нгурах-Рай бағында мангров тереклерин егиў менен басланады.
Әнжуман қатнасыўшылары буннан кейин санлы трансформация бойынша жумысшы сессиясын өткереди.
«Үлкен жигирмалық» декларация қабыл етиў менен жаўмақланады.
Буннан кейин Президент Жоко Видодо баспасөз әнжуманында саммит жумысы ҳаққында журналистлерге мағлыўмат береди.
Гезектеги «G20» ға басшылық етиў Ҳиндстанға өтеди.
ӨзА