Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммити шеңберинде жоқары мәртебели мийманларды сыйлықлаў мәресими өткерилмекте.
Өзбекстан Президенти Түркия жетекшиси Режеп Таййип Эрдоған және Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәтиниң баслығы Гурбангулы Бердимуҳамедовты «Түркий дүньяның Жоқары ордени» менен сыйлықлады.
Бул сыйлық 2019-жылдан берли саммит қатнасыўшыларына тапсырылып келинеди. Бокуда өткерилген саммите Әзербайжан Президент Илҳам Алиев Қазақстанның Биринши Президенти Нурсултан Назарбаевқа бул орденди тапсырған еди.
2021-жылы болса Түркия Президенти Әзербайжан жетекшисин усы орден менен сыйлықлаған.
Сондай-ақ, марҳум атақлы жазыўшы Чингиз Айтматов Түрк дүньясы бирлигин тәмийинлеўге қосқан үлеси ушын Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлық пенен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги