Әзербайжан ҳәм Түркия Президентлери Илҳам Алиев ҳәм Режеп Таййип Эрдоған Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммити шеңберинде Самарқандта ушырасты, деп хабар берди «Тренд» агентлиги.

Сөйлесиўлер ўақтында мәмлекетлер арасындағы барлық тараўларда аўқамласлық қатнасықларына тийкарланған дослық ҳәм туўысқанлық байланысларының табыслы раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.

«Региондағы жағдай ҳәм қәўипсизлик мәселелери додаланды, сондай-ақ, өткен айдың ақырында Сочи ушырасыўының жуўмақлары бойынша пикир алысылды», делинеди хабарда.

31-октябрьде Сочиде Әзербайжан басшысы ҳәм Россия Президенти Владимир Путин және Армения Бас министри Никол Пашинян арасында Баку ҳәм Ереван арасындағы қатнасықларды нормалластырыў бойынша сөйлесиўлер өткерилген еди.

ӨзА