Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри П.Қайыпбеков бүгин “Yutong Bus Co, Ltd” автобус заводының ўәкиллери менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында бирге ислесиўдеги шерикликти кеңейтиў, жәмийетлик транспорт системасына инвестиция киргизиў мәселеси көрип шығылды.
Өз-ара сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февральдағы “Жәмийетлик транспорт системасын реформалаў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-59-санлы қарарына тийкар Нѳкис қаласына автобуслар алып келиў бойынша “SAPSAN TRANS NOKIS” жәмийети менен биргеликте еки тәреплеме шәртнама дузилди.
Усы дүзилген шәртнама тийкарында пайтахтымызға “SAPSAN TRANS NOKIS” жәмийети тәрепинен жақын арада 12 дана автобус алып келинип, халқымызға хызмет көрсетеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы