Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районының социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде усы районда болды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы дәслеп райондағы қурылыс жумыслары жуўмақланбаған объектлерди барып көрди. Райондағы 2 ҳәм 4-санлы балалар бақшаларының қурылыс жумыслары белгиленген графиктен артта қалып, тапсырылыўы мүддетинен өтип кеткен. Жоқарғы Кеңес Баслығы бул бойынша қадағалаўға алыў ҳәм тийисли илажларды көриў, сондай-ақ, қурылыс жумысларын жеделлестириў, ең баслысы сапалы етип тапсырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Буннан соң, министрлик, мәкеме, шөлкем басшылары, район белсендилериниӊ қатнасыўында мәжилис болып өтти.
Илажда халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда бул бағдарда орын алып атырған айырым кемшиликлер сөз етилди.
Атап айтқанда, районда бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, ажыратылып атырған жеңилликли кредитлердиң ҳәким жәрдемшилери тәрепинен мәнзилсиз жумсалғанлығы, қурылыс-оңлаў, абаданластырыў жумысларында ушырасып атырған кемшиликлер, бул бағдарда тийисли тараў ўәкиллериниӊ немқурайдылық пенен қарап атырғанлығы сынға алынды.
Буннан тысқары, билимлендириў тараўындағы айырым кемшиликлер, инвестициялық бағдарламалар ҳәм Президент сапары даўамында берилген тапсырмалар тийкарында әмелге асырылыўы керек болған қурылыс-оңлаў жумысларында артта қалыўшылық жағдайлары бар екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте анықланған кемшиликлер бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилип, анық мәнзилли мүддет ишинде сапластырыў ўазыйпасы белгилеп алынды.
Мәжилис соңында быйылғы жылдың ақырына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеў мақсетинде жәми 6 миллиард 733,9 миллион сўм қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.