Түркияның Конья қаласында өткерилип атырған V Ислам тилеклеслиги ойынлары шеңберинде кеше Өзбекстан сайланды командасы ағзалары бир қатар табысларды қолға киргизди.
Атап айтқанда, қылышласыў спортының рапира бағдары бойынша Өзбекстан сайланды командасы жигитлери финальда түркиялы спортшыларды 45-36 есабында жеңип шығып алтын медальды қолға киргизген болса, дзюдо бойынша 100 кг салмақта татамиге шыққан Музаффарбек Тўрабаев, 70 кг салмақта Гулноза Матниязовалар алтын, +100 кг да Алишер Юсупов гүмис, 81 кг да Шарафатдин Балтабаев , 90 кг да Давлат Бабанов қола, шпагашы Шахзада Эгамбердиева гүмис, сабляшы Муса Аймуратов қола медалын жеңип алыўға миясар болды.
Солай етип, кешеги күнги жарысларда республикамыз спортшыларынан дзюдошы Шарафатдин Балтабаев ҳәм сабляшы Муса Аймуратовлар Ислам тилеклеслиги ойынларының қола медалын қолға киргизип, барлық халқымызды қуўанышқа бөледи.
Тилекке қарсы, және бир белгили спортшымыз Шерзад Мамутовқа бираз әўмет жетиспеди.
Улыўма командалық есапта бүгинги күнге шекем түркиялы спортшылар 90 алтын, 81 гүмис, 63 қола медалы менен биринши, өзбекстанлы спортшылар 43 алтын, 30 гүмис, 48 қола медалы менен екинши, Иран сайланды командасы ағзалары 37 алтын, 35 гүмис, 44 қола медалы менен үшинши орынды ийелеп келмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы