Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры Мурат Бегимовтың «Қорқыт ата» спектаклиниң премьерасы менен өзиниң жаңа мәўсимин баслады.

Қобланбек Қалилаев тәрепинен сахналастырылған бул спектакльде түркий тиллес халықлар арасында белгили тулға Қорқыт атаның өмиринен алынған ўақыялар қуўыршақлардың жәрдеминде сәўлелендириледи. Бабамыз қобыз сазы арқалы дүнья жүзине танылған болып, бүгинги күни атадан-балаға мийрас болып келмекте. Ол ел аралап, халықтың турмысындағы қыйыншылықларды, қайғылы мәўритлерди қобыз арқалы жырлап, олардың тәшўишин азда болса жеңиллетиўге ҳәрекет еткен.

Спектакльдеги Қорқыт ата ролин Шыңғыс Алламбергенов, Қара шаҳ ролин Нурсултан Төреев, атасы ролин Парахат Кулимов, соқыр ғарры ролин Шамсутдин Каламов, шайтанлар ролин Улмекен Қазақбаева, Насиба Генжебекова ҳәм басқалар шеберлик пенен атқарып шықты.

-Жаңа мәўсимди тарийхый шығарма менен баслап атырмыз,-дейди театрдың көркемлик жақтан басшысы Қобланбек Қалилаев.-2022-жылдың июль айында Ташкент қаласында болып өткен Өзбекстан қуўыршақ театрларының дәстүрий таңлаў фестивалына усы шығарма менен қатнасып, үшинши дәрежели диплом менен сыйлықландық. Бул спектакль кишкене тамашагөйлеримиздиң кеўлинен шығады, деген үмиттемиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги