Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң тийкарын салыўшы ҳәм биринши директоры И.В.Савицкийдиң туўылған күни мүнәсибети менен «Суўдың қәдири» атамасында көргизбе ҳәм бир қатар илажлар болып өтти.

Ашылыў салтанатында атап өтилгениндей, көргизбе суў ҳаққындағы инсанның еске түсириўлерине бағышланады. Музей жәмәәти көргизбелер шөлкемлестириўде Арал апатшылығына бағышланған шығармаларға биринши  мәрте мүрәжат етип атырған жоқ.

Бирақ, бул рет көрсетилип атырған көргизбе экологиялық апатшылық ҳәм оның ақыбетлери туўралы емес. Бул көргизбе арқалы биз буннан ярым әсирден көбирек ўақыт бурын толып-тасып турған Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрьяның халық ушын қандай әҳмийетке ийе  ҳәм инсан өмиринде суўдың қаншелли зәрүр ҳәм қәдирли екенлигин және бир мәрте аңлап жетиўимиз мүмкин. Нөкис музейинде сақланып атырған ҳәм көргизбеге қойылған түрли усыл ҳәм бағдарларда дөретиўшилик еткен, түрли әўлад ўәкиллеринен болған 8 художниктиң шығармалары тамашагөйде сол дәўирдеги Арал теңизин, Әмиўдәрьяны ҳәм усы суў менен тығыз байланысқан, бул «суў» дүньясының бир бөлеги болған балықшылар, матрослар ҳәм балық заводының жумысшылары ҳаққындағы еске түсириўлерди оятады.

Көргизбеге қойылған шығармаларға нәзер таслар екенбиз, сүўретлеў өнери инсанға көз алдына сол пайыттағы ўақыяларды елеслетеди. Теңиз шексиз еди ҳәм оның жағасында турған адам мәўиж урыўын, күш-қүдиретин, соның менен бирге, үлкен байлық дәреги екенлигин сезинеди. Аймақта балықшылық кәсиби атадан-балаға мийрас болып келди.

Теңиз жағасында жайласқан Мойнақ районы өткен әсирдиң орталарында ири «балықты қайта ислеў орайы»на айланды. Әмиўдәрья Қарақалпақстанның арқасы менен қубласын байланыстырып турыўшы бирден-бир жол еди. Адамлар суўға жақын жасаған. Оларға теңизде суў бәрҳа толып туратуғындай сезилген еди. Бирақ олардың көз алдында күтилмеген аянышлы ўақыя жүз бере баслады-суў барған сайын азайып барды. Әмиўдәрья ашынарлы дәрежеде сайызланып, теңиздиң суўы қайта баслады.

Музей жәмәәти қарақалпақ художниклериниң шығармалары менен бирге, алдыңғы әўладлардың суў ҳаққындағы еске түсириўлерин сақлап келмекте. Көргизбе жас әўладқа әтирапымыздағы дүнья жүдә нәзик екенлигин, оларға үлкен итибар ҳәм ғамқорлық талап етилиўин еслетеди.

Күн даўамында илаж қатнасыўшыларына музейдиң кино залында  Арал теңизине бағышланған «Арал қандай еди», «Арал, аспан, көк теңиз», «Әмиўдәрья таўсылған жер», «Аралқум», «Жер асты байлықларын үйрениўшилер», «Даўыткөл тәғдири», «Арал теңизиниң әтирапында», «Арал теңизи» сыяқлы ҳүжжетли ҳәм қысқа метражлы фильмлер көрсетилди. Сондай-ақ, «Теңиз» фильминиң дөретиўшилери менен ушырасыў болып өтти.

Илаж соңында бир қатар художниклерге жақында баспадан шыққан «Мениң үлкем, мениң Қарақалпақстаным» атамасындағы альбом-каталог тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы