Бас прокуратурада Республикалық ҳуқық қорғаў уйымларын муўапықластырыўшы Кеңестиң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Оған Бас прокуратура, Жоқарғы суд, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң жуўаплы хызметкерлери қатнасты.

Бас прокурордың биринши орынбасары Баҳриддин Валиевтиң басшылығында өткерилген мәжилисте парахорлыққа байланыслы жынаят ҳаққындағы арза ҳәм хабарлар бойынша опаратив-излеў илажлары ҳәм тергеўге шекемги тексериў өткериў және жынаят ислери бойынша тергеўдиң жағдайы қарап шығылды.

Додалаў даўамында бул категориядағы жынаятларды анықлаў ҳәм ашыў бойынша өткерилетуғын оператив-излеў илажлары, жынаят ислери бойынша тергеў ҳәрекетлери даўамында нызам талапларына қатаң әмел етиўди тәмийинлеў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

«Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы ҳәм «Жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилген айырым топардағы шахслардың үстинен ҳәкимшилик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамлардың орынланыўы сынға алынды.

Жынаятларды жылаўлаў, исленген жынаятларды ашыў, излеўдеги шахсларды услаў ҳәм жазалаўды тәмиийнлеў бойынша жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды.

Илаж даўамында жынаят ислеўге бейим шахсларды толық есапқа алыў, профилактика илажларының әдил өткерилиўи үстинен қадағалаў орнатыў, ҳәр бир мәҳәлле ҳәм район(қала)ларды «қызыл», «сары» ҳәм «жасыл» категорияға ажыратыў, реал жынаят ошақлары бойынша қолда бар күш ҳәм қураллардан нәтийжели пайдаланыўда жуўапкерлерге тапсырмалар берилип, усы бағдарды қадағалаўға алыў бойынша анық талаплар қойылды.

Мәжилисте ўәлаятлардың прокуратуралары, ишки ислер басқармалары ҳәм тийисли басқа да уйымлардың тараў ушын жуўапкер басшыларының мәлимлемелери тыңланды.

Мәжилис жуўмағында кемшиликлерди сапластырыў ҳәм додаланған тараўларда жумыс нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған қарарлар қабыл етилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы