Ҳәр бир пуқараның мүрәжатын тыңлаў, оның орынланыўын тәмийинлеў бүгинги күни тараў хызметкерлериниң әдиўли ўазыйпасына айланды.

Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайының хызметкерлери келип түскен мүрәжат бойынша «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, екинши топар майыплығы болған Светлана Жуманазарованың ҳал-жағдайынан хабар алған ҳалда, республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий әмелий медицина орайының Нөкис филиалына барып, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў бойынша көшпели хызмет көрсетилди. Сондай-ақ, «Бәҳәр» көшесинде жасаўшы, екинши топар майыплығы болған Гүлхан Тилеўниязоваға да кадастр ҳүжжетлерин таярлаўда ҳуқықый мәсләҳәт берилип, сол жердиң өзинде жәрдем берилди.

Орай хызметкерлери «Бийпул ҳуқықый мәсләҳәт пенен ҳәр бир шаңараққа» сүрени астында қала аймағындағы бес мәкан пуқаралар жыйынындағы ҳәр бир шаңараққа барвп, пуқаралар билиўи зәрүр болған мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердеги әҳмийетли өзгерислер туўралы үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.

Шахноза ИБРАЙМОВА,

Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайының хызметкери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги