Қоршаған орталық патасланыўының турмыслық хызмет түрлеринен өлим дәрежеси азайғанына қарамастан, санааттың патасланыўынан өлимлер саны бир ярым есеге артты.
17-май, шийшемби күни The Lancet Planetary Health журналында жәрияланған глобал өлим ҳәм қоршаған орталықтың патасланыўына байланыслы изертлеўлерге бола, ҳәр жылы 9 миллионға шамалас адам ҳаўа, топырақ ҳәм суўдың патасланыўынан набыт болады.
Изертлеўшилер патасланыўды кеселлик ҳәм ерте өлим бойынша дүньядағы ең үлкен экологиялық қәўип факторы деп атады. Алымлардың есап-санақларына бола, ҳәр жылы дүньяда ҳәр алтыншы өлимге усындай жағдайлар себеп болады. Буннан тысқары, қоршаған орталық патасланыўының түрли формалары себепли 2015-жылда дүнья экономикасы 4,6 триллион доллар жоғалтты (жәҳән жалпы ишки өниминиң 6,2 проценти).
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги