18-май – Халықаралық музейлер күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде байрам илажы шөлкемлестирилди.

Онда халқымыздың ажайып қол өнерлерин дөретиўши өнерментлердиң көргизбеси шөлкемлестирилди.

Көргизбе даўамында Нөкис қаласы ҳәм районлардан музейди тамашалаўға келген студент-жаслар, мектеп оқыўшыларының қатнасыўында балалар ушын арналған «Болажақ археолог» излеп тап ойыны өткерилип, «Музей тарийхы», «Музей кеше ҳәм бүгин» видеоролиги, «Музейде түн» атлы көргизбелер ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилди.

– Музейлер ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып қалған материаллық ҳәм мәдений байлықларды келешек әўладқа жеткерип таныстырыўда илимий, мәдений, ағартыўшылық ғәзийнеханасы болып хызмет етип келмекте,-дейди музей хызметкери Б.Турсынмуратова. – Музейимиз 90 жылдан аслам тарийхына ийе.

Бүгинги күнде музей 80 мыңнан аслам тарийхый буйымларды өзинде сақлап келмекте.

Музейге келген жаслар қәнигелерден тарийхый экспонатлар ҳаққында мағлыўматларға ийе болыўы менен бирге, бул жерде өткерилген илажларға қатнасып, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз туўралы баҳалы мағлыўматлар алды.

 

 

Саёра Айтбаева,

Хатира Турсынғалиева,

ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студентлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги