Бизге белгили, мәҳәлле институты өзин-өзи басқарыў уйымы сыпатында белгили бир аймақтағы жәмийетлик-сиясий, мәдений, диний ҳәм басқа да мәселелерде еркин жумыс алып баратуғын социаллық структура есапланады.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде 9 мың 349 пуқаралар жыйынлары болып, олардың 41 и поселкалық пуқаралар жыйыны, 73 и аўыл пуқаралар жыйыны, 165 си аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм 9 мың 70 си мәкан пуқаралар жыйынлары болып есапланады.

4 мәҳәлле жәмийетшилик тийкарында жумыс алып барады. 580 пуқаралар жыйынлары елимиздиң қоңсы мәмлекетлер менен шегара ҳәм анклав аймақларында жайласқан.

Өзбекстан Республикасының «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў ҳаққында»ғы нызамына муўапық, ҳәр бир пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары – мәкан, аўыл ҳәм поселкалық пуқаралар жыйынларында пуқаралар жыйынының баслығы сайланады.

Бүгин республикамызда мәҳәлле баслықлары (ақсақаллары)ның сайлаўы басланды. Аймақлар бойлап, 842 мәҳәлледе сайлаў болып өтиўи режелестирилген. Сайлаўларда 239 мың 910 сайлаўшылар ҳәм 2 мың 270 талабанлардың қатнасыўы белгиленген. Сайлаўларда қатнасып атырған талабанлардан 510 и (60,5 процент) әмелдеги басшылар, 1 мың 762 си биринши рет сайлаўда қатнасып атырған талабанлар болып есапланады.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, нызамшылыққа бола, пуқаралар жыйынының баслығы (ақсақалы) лаўазымына талабанлар көрсетиў тийисли аймақта турақлы жасайтуғын пуқаралардың пикири есапқа алынған ҳалда әмелге асырылады.

Пуқаралар жыйынының баслығы (ақсақалы) сайлаўында Өзбекстан Республикасы пуқараларының қатнасыўы ықтыярый ҳәм еркин болып есапланады. Пуқараларды сайлаўда қатнасыўға ямаса қатнаспаўға мәжбүрлеў мақсетинде оларға, сондай-ақ, олардың өз арзыў-нийетлерин еркин билдириўине тәсир көрсетиўге ҳеш ким ҳақылы емес.

Пуқаралар жыйынының баслығын (ақсақалын) сайлаў ҳуқықына сайлаў күни 18 жасқа толған ҳәм қалашадағы, аўылдағы мәҳәлле аймағында турақлы жасайтуғын пуқаралар ийе болады. Суд тәрепинен қарым-қатнасқа уқыпсыз деп табылғанлар болса пуқаралар жыйынының баслығын (ақсақалы) сайлаўда қатнасыўы мүмкин емес.

Пуқаралар жыйынының баслығы (ақсақалы) сайлаўында пуқаралардың қатнасыў ҳуқықларын бирде-бир тәризде тиккелей ямаса тиккелей емес шеклеў қадаған етиледи. Бул сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ашық-айдынлық принциплери тийкарында әмелге асырылады. Пуқаралар жыйынының баслығы (ақсақалы) пуқаралар жыйыны тәрепинен, пуқаралар жыйынын шақырыў имканияты болмаған жағдайда болса, пуқаралар ўәкиллериниң мәжилиси тәрепинен үш жылға сайланады.

Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаўда пуқаралар жыйынының ямаса пуқаралар ўәкиллери мәжилисиниң ҳәр бир қатнасыўшысы бир даўысқа ийе болады. Пуқаралар жыйынының баслығын сайлаў усы лаўазымға еки ҳәм оннан көп талабан көрсетилген ҳалда әмелге асырылады.

Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,

ӨзАның хабаршысы