Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-март күни денсаўлықты сақлаў тараўының ўәкиллери менен өткерилген «Медицинадағы реформалар-инсан қәдири ушын» темасындағы ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, айырым актуал вируслы инфекциялар тарқалыўына қарсы гүресиў жумысларын күшейтиў мақсетинде:
- Төмендегилер халық арасында айырым вируслы инфекциялардың өз ўақтында профилактикасын ҳәм диагностикасын өткериў, оларды емлеў бойынша халыққа көрсетилетуғын медициналық-социаллық жәрдемди және де жетилистириў ҳәм кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
вируслы гепатитлердиң «В» ҳәм «С» түрлерин ерте анықлаў ушын республикамыздың барлық аймақларында скрининг тексериўлерин өткериў ҳәм кеселликти емлеўге қамтып алыныўын арттырыў;
кеселлик жуғыў қәўпи жоқары болған шахсларды, соның ишинде, қан ҳәм қурамлық бөлеклери менен ислесетуғын медицина хызметкерлерин гепатит «В» инфекциясына қарсы шаншыў менен толық қамтып алыў;
скрининг тексериўлеринде вируслы гепатит «С» түри анықланған наўқасларды емлеў процесинде дәри қураллары менен бийпул тәмийинлеў;
денсаўлықты сақлаў системасының басланғыш буўынында вируслы инфекцияларды анықлаў ушын жумсалатуғын материаллар (реагент ҳәм тест топламлары) менен басқышпа-басқыш толық тәмийинлеў;
барлық емлеў-профилактика мәкемелери, санитариялық-эпидемиологиялық хызмет және мәмлекетлик емес шөлкемлерде баўырдың созылмалы вируслы кеселликлериниң бирден-бир электрон реестрин жаратыў ҳәм жүргизиў;
вакциналар, тест-топламлары ҳәм вирусқа қарсы дәри қуралларының қәўипсизлиги, сапасы ҳәм нәтийжелилигин қадағалаўды жетилистириў;
вируслы инфекциялар машқалалары бойынша илимий изертлеўлерди өткериў, кеселликлерди қадағалаўдың автоматластырылған системасын енгизиў;
вируслы инфекциялар жуғыўының алдын алыў илажлары бойынша халық арасында кең көлемли түсиник, үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-апрельдеги «Басланғыш медициналық-санитариялық жәрдемди халыққа жақынластырыў ҳәм медициналық хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-215-санлы қарарына тийкарланып 2022-жыл 1-июньнен баслап қан менен тиккелей ислесип атырған мәмлекетлик медицина мәкемелериниң хызметкерлерин гепатит «В» кеселлигине қарсы бийпул шаншыў әмелияты енгизилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилер:
2022-2025-жыллары айырым актуал вируслы инфекциялар тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын жетилистириў бойынша бағдарлама (кейинги орында – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық;
2022-2023-жыллары эпидемиологиялық көрсетпеге муўапық, мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасындағы медицина хызметкерлерин гепатит «В» инфекциясына қарсы шаншыў бойынша мақсетли көрсеткишлер 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
2022-жыл 1-июльден баслап ҳәр жылы республикамыз халқын вируслы гепатит «В» ҳәм «С» түрлерине скрининг тексериўлер саны 1 миллионға шекем, полимераза шынжыр реакциясы (ПШР) тексериўлериниң саны 15 мыңға шекем, вируслы гепатит «С» түри менен кеселленген наўқасларды емлеў 10,5 мыңға шекем жеткериледи;
2022-жыл 1-сентябрьден Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 190-статьясында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықларды ислеген шахсларға жуўапкершиликти белгилеў менен бирге оларды өз есабынан гепатиттиң «В» ҳәм «С» түрлерине скрининг тексериўлеринен өткериў тәртиби енгизиледи.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев):
Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шөлкемлестириўинде «IT-Med» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен баўырдың созылмалы кеселликлериниң бирден-бир электрон реестри (кейинги орынларда – Реестр) 2022-жыл 1-ноябрьге шекем ислеп шығылыўын, сондай-ақ, келешекте оның техникалық ҳәм программалық қоллап-қуўатланыўын тәмийинлесин;
2023-жыл 1-январьға шекем Реестрди жүргизиўди қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери менен ислесетуғын хызметкерлерге ийе емлеў-профилактика мәкемелери, санитариялық-эпидемиологиялық хызмет ҳәм мүлкшилик түрине қарамастан барлық медицина шөлкемлерине енгизип, олардың өз-ара интеграциясын жолға қойсын;
2022-жыл 1-июльден баслап Вирусология илимий-изертлеў институтында ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленетуғын Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Бухара, Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларындағы тийисли мәкемелерде Қрым-Конго геморрагиялық ысытпасы менен кеселленип тәўир болғанлардың (донорлардың) қан плазмасы банки жаратылыўын тәмийинлесин;
емлеў-профилактика мәкемелери ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлеринде жуқпалы кеселликлерге, соның ишинде, созылмалы вируслы гепатитлерге дигноз қойыў ҳәм оларды емлеў стандартларын жетилистирсин және оларға әмел етилиўи үстинен қадағалаўды күшейтсин.
- 2022-жыл 1-июльден баслап мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери ҳәм оның структуралық бөлимлери менен ислеп атырған хызметкерлерди гепатит «В» инфекциясына қарсы шаншыўды, сондай-ақ, Реестр иске қосылған ўақыттан баслап бул ҳаққындағы мағлыўматтың Реестрге киргизип барылыўын тәмийинлейтуғыны. Онда, шаншылмаған хызметкерлерди шаншыў олардың тийкарғы жумыс орны болған медицина шөлкемлери есабынан әмелге асырылатуғыны;
2024-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик емес медицина шөлкемлеринде қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери менен ислесип атырған хызметкерлердиң гепатит «В» инфекциясына қарсы шаншылған болыўы және Реестрдиң белгиленген тәртипте жүргизилиўи медициналық жумысты лицензиялаў талаплары ҳәм шәртлеринен бири болып есапланатуғыны белгиленсин.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Абдураҳмонов) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) менен биргеликте 2022-жыл 1-июльден баслап ҳәр жылы кең тарқалған вируслы инфекциялар машқалаларының илимий шешимин тәмийинлеўге қаратылған жойбарларға таңлаўлар тийкарында қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев), Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Абдураҳмонов), Илимлер академиясы (Б.Юлдашев), Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Воитов) ҳәм Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги (С.Кариев) 2022-жылдың ақырына шекем вируслы кеселликлер профилактикасы, диагностикасы ҳәм емлениўинде зәрүр болатуғын вакцина, дәри ҳәм диагностикумлар сыяқлы қуралларды жергиликли шараятта ислеп шығарыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Тийисли емлеў-профилактика мәкемелери ушын зәрүр тест-топламлары, диагностикумлар ҳәм пайдаланыў материалларын сатып алыў жумысларын қаржыландырыў Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Министрлер Кабинети усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўы бойынша министрлик, уйым, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысының нәтийжели муўапықластырылыўын және олардың өз-ара бирге ислесиўин, сондай-ақ, Республикалық эпидемияға қарсы гүресиў айрықша жағдай комиссиясының мәжилислеринде усы мәселе ҳәр жылы додаланыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте орынларда вируслы инфекциялардың тарқалыў мәселелери бойынша кеңнен түсиндириўлер, үгит-нәсиятлаў илажларын өткериўди күшейтсин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте темаға байланыслы мақалалар, дүркин телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириўлер шөлкемлестириў арқалы халық арасында вируслы инфекцияларға қарсы гүресиўдиң әҳмийетли мәселелерин турақлы ҳәм кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер және жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметиниң басшысы Б.К.Юсупалив белгиленсин.
Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 16-май