Азия Олимпиада кеңеси Атқарыў комитетиниң 77-мәжилиси шеңберинде пайтахытымыздағы «Өзбекстан» халықаралық форумлар сарайында Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети шөлкемлестирилгениниң 30 жыллық салтанатларына бағышланған байрам илажы болып өтти.
Мәмлекетимиз спорт турмысында әҳмийетли сәне болған бул әнжуманның салатанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Миллий Олимпиада комитети ҳәм олимпиада ҳәрекети ағзаларына жоллаған қутлықлаўы оқып еситтирилди.
Буннан соң «Ояныў» музыкалы композициясы астында елимизде олимпиада ҳәрекети ҳәм МОК жумысына бағышланған видео көринис қойып берилди.
Байрам илажлары даўамында ҳәр қыйлы номинацияларда жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Оған бола, «Олимпиадаларда ең көп медаль келтирген федерация» атамасына Өзбекстан бокс федерациясы, «Олимпиада рекордшыларын тәрбиялаған федерация» деп Өзбекстан аўыр атлетика федерациясы, сондай-ақ, «30 жыллықта үзликсиз медальларды қолға киргизген ассоциация» атамасына Өзбекстан спорт гүреслери ассоциациясы еристи.
Ҳәммемизге белгили, елимиз олимпиадашыларының халықаралық майданда ерискен мақтанышлы жеңислери тек ғана континент спортында емес, ал, дүнья көлеминде де бәрқулла атап өтип келинеди.
Өткен 30 жыллық олимпиада ҳәрекети даўамында Ўатанымыз олимпиадашылары 7 жазғы ҳәм 8 қысқы олимпиада ойынларында еркин Өзбекстан командасы сыпатында қатнасып, улыўмалық есапта 39 медальлар дизбегине ийе болған. Өзбекстанның атын, еркин байрағымызды жәҳән майданлары бойлап жоқарылатқан. Итибарлы тәрепи, олимпиада ойынларындағы медальлардың 13 и алтын болғанлығы өзине тән тарийхый әҳмийетке ийе.
Әлбетте, мақтанышлы жеңислер, қыйын олимпиада беллесиўлериндеги ҳәр бир жетискенлик тийкарында мәмлекетимиз тәрепинен денетәрбия ҳәм спортқа, олимпиада ҳәрекетине берилип атырған айрықша итибар, алып барылып атырған кең көлемли реформалар жатқанлығын атап өтиў керек.
Байрам салтанатлары даўамында Миржалол Қосимов 1991-2001-жыллар аралығында, Абдулла Тангриев 2001-2011-жыллар кесиминде, Оксана Чусовотина 2011-2021-жыллар даўамында Өзбекстанның ең нәтийжели спортшылары сыпатында сыйлықланыўы, Ришод Собиров «Олимпиада ойынларында ең көп медальға ийе шыққан спортшы», Равшан Эрматов «Өзбек спортын дүньяға үгит-нәсиятлаўдағы хызметлери ушын», футбол бойынша 1994-жылғы Өзбекстан миллий сайланды командасы «30 жыллықтың ең мақтанышлы сайланды командасы», деп табылып сыйлықланыўы да Ўатанымыздың спорт потенциалының белгиси болып есапланады.
Буннан тысқары, Миллий олимпиада комитети баслығының орынбасары, Өзбекстан спорт гүреслери ассоциациясының баслығы Салим Абдувалиев, дзюдо бойынша Атланта олимпиадасының сыйлы орын ийеси Армен Багдасаров, Токио олимпиадасының жеңимпазы Улуғбек Рашитов ҳәм басқаларға тийисли сыйлықлар тапсырылды.
Әлбетте, жоқары жеңислерге излениўшең, жаңалыққа умтылыўшаң, талапшаң тренерлер ҳәм қәнигелердиң мийнети, жол-жобасы арқалы ерисиледи. Өзбек олимпиадашылары тарийхында ерисилген жетискенликлерде тренерлердиң де айрықша орны бар. Усы мәниде, бокс бойынша Өзбекстан сайланды командасының бас тренери Марат Қурбонов «30 жыллықтың ең сыйлы тренери», деп мақталыўы Өзбекстан олимпиядашыларының устазларына, қалаберди бокс тренерлерине көрсетилген ҳүрмет белгиси болды.
Өзбекстан Миллий Олимпиада комитетиниң 30 жыллығына бағышланған кеше өзбек эстрадасының жарқын ўәкиллериниң атқарыўындағы сазлы қосықлар менен даўам етти.
Салатантлы мәресимде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Танзила Норбоева, Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов, Азия Олимпиада кеңеси президентиниң ўазыйпасын атқарыўшы Ража Рандхир Сингх, Спортты раўажландырыў министри Адҳам Икромов, Азия Олимпиада кеңесиниң вице-президенти Отабек Умаров, Халықаралық олимпиада комитетиниң ўәкили Оливе Луис Ниамкей ҳәм басқа да бир қатар сырт еллердиң миллий олимпиада комитетиниң басшылары, елимиздеги спорт федерацияларының жуўапкерлери қатнасты.
Тўлқин РЎЗИЕВ,
ӨзАның хабаршысы