Өзбекстан халықаралық ислам академиясында «Үшинши Ренессансты қәлиплестириўдиң социаллық-экономикалық машқалалары» атамасында илимий-әмелий конференция өткерилди.

Конференцияны Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи, Өзбекстан халықаралық ислам академиясының ректоры Музаффар Комилов кирис сөз бенен ашты.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысы нәзерде тутқан Үшинши Ренессанс – елимизде илимниң раўажланыўы ҳәм жәмийеттиң келешеги, халыққа хызмет етиў ҳәм адамларды разы етиў сыяқлы ийгиликли нийет пенен әмелге асырылып атырған барлық жетискенликлердиң тийкары болып табылады.

Сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, сырт ел ҳәм жергиликли илимпазлар, профессор-оқытыўшылар халықаралық илимий-әмелий конференцияның өзине тән өзгешеликлери ҳаққында айтты.

Елимизде алып барылып атырған барлық реформалар инсан қәдирин улығлаўға, оның арзыў-нийетин, ийгиликли мақсетлерин әмелге асырыўға хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.

– Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» шақырық идеясы алға қойылды, –  деди Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң ректоры Содиқ Сафаев. – Бунда оғада терең мәни бар. Миллий тиклениў өзлигимизди аңлаў, миллий мәмлекетшилигимиздиң тийкарларын қайтадан жаратыў басқышы жуўамақланды. Енди Өзбекстанның өз тарийхый, цивилизациялық орнын жаңадан тиклеў, өзбек халқының генетикалық инсаный потенциалына сай раўажланыў дәрежесин тәмийинлеў – Үшинши Ренессанстың раўажланыў дәўири келди.

– Журтбасшымыздың сөзи менен айтқанда, «жаңа» деген сөздиң биз ушын айрықша әҳмийети бар, – деди Олий Мажлис Спикериниң биринши орынбасары, академик Акмал Саидов. – Сол мәниде, буннан бес жыл бурын қабыл етилген Ҳәрекетлер стартегиясында өз алдымызға Жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм Үшинши Ренессанстың тырнағын қалаў сыяқлы уллы ўазыйпаларды стратегиялық мақсет етип қойғанымыз тегиннен емес. Онда Президентимиз биз умтылып атырған әне усы ийгиликли идеяны әмелге асырыў жолында турмысымыздың ҳәр қыйлы тараўларында қолға киргизилген нәтийжелер ҳәм бул бағдарда алдымызда турған жуўапкершиликли ўазыйпалар ҳаққында сөз етеди.

Ҳақыйқатында да, Ана диярымызда жасап атырған ҳәр бир пуқара елимиздеги дөретиўшилик жумысларында алдында болыўы зәрүр. Уллы келешекке  умтылыў, Жаңа Өзбекстанды қурыўда мүнәсип үлес қосыў, мәмлекетимиз басшысы баслаған ийгиликли баслама ҳәм мақсет жолында бирге ҳәрекет етиў, бирлесиў зәрүр.

Халықаралық конференция мәжилиси «Ренессанстың тарийхый, сиясий ҳәм мәдений шараятлары, қәлиплесиў факторлары», «Өзбекстанда Үшинши Ренессансты қәлиплестрииўдиң социаллық-экономикалық тийкарлары», «Жәҳән ҳәм Өзбекстан экономикасын раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары», «Үшинши Ренессансты қәлиплестириўде туризм тараўының нәтийжелилигин арттырыў механизмлери», «Үшинши Ренессансты қәлиплестириў шараятында бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаўды жетилистириў» темаларында, секцияларға бөлинген ҳалда өз жумысын алып барды.

Әнжуманда 200 ге шамалас сырт ел ҳәм жергиликли тараў ўәкиллери тәрепинен темаға байланыслы баянатлар жасалды. Россия, Корея Республикасы, Түркия сыяқлы мәмлекетлердиң илимпазлары да өз баянатлары менен қатнасты.

Тараўда жүзеге келген машқалалар, оларға шешим табыў жоллары, илимий изертлеўлердиң нәтийжелери менен пикир алысылды. Әнжуман шөлкемлестириўшилери тәрепинен конференцияға келип түскен мақалалар ҳәм қәнигелер тәрепинен жасалған баянатлардың тексти топлам ҳалында басып шығарылды.

Конференцияда көрилген мәселелер, олар арқалы шығарылған жуўмақлар, пикир-усыныслар әмелиятта өз орнын табыўы ҳәм республика экономикасын, елимизде туризм тараўын ҳәм оның инфраструктурасын раўажландырыўда үлкен үлес қосатуғынына исеним билдирди.

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы