Нөкис қаласындағы 2-санлы мектепте «Робототехниканың раўажланыўы ҳәм оның ҳәзирги ўақытта қолланылыўы» атамасында шеберлик сабағы өткерилди.

Шеберлик сабағына қаладағы «Ақ жағыс» мәҳәллесиниң жетпистен аслам жәмлеспеген жаслары қатнасты.

Онда Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының 4-курс студентлери Ниетулла Абдуллаев ҳәм Зайд Махсетбаевлар сабақ өтип, заманагөй технологиялар туўралы мағлыўматлар берилди.

Өткерилген шеберлик сабақлары даўамында мәҳәлле жаслары ақыллы сейф, робототехника буйымлары, ақыллы үй сыяқлы қурылмалар менен танысты. Сондай-ақ, оларды жаратыўда пайдасы тийетуғын жол-жобалар көрсетилип, қатнасыўшылар ИТ тараўы бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

– Алдағы ўақытлары да усындай илажларды шөлкемлестириўди режелестирип отырмыз,-дейди мәҳәлле жетекшиси Бекполат Хожаниязов. – Себеби, усындай шеберлик сабақларының тез-тезден өткерилиўи мәҳәлле жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў менен бирге, оларды белгили бир кәсипке қарай бағдарлаўда да үлкен хызмет атқарады.

Шеберлик сабағының студент-жаслар тәрепинен өткерилиўи болса, жаслардың оқыўға, кәсип ийелеўге қызығыўшылығын және де арттырыўға, усы тараўға қызығыўшылығын оятыўға хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги