Бас министрдиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзақовтың басшылығында Өзбекстанның Венгрия, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан менен инвестициялық, саўда-экономикалық бирге ислесиў мәселеси, байланысты және де жеделлестириўге байланыслы әмелий илажларды додалаўға бағышланған видеоконференция мәжилиси болып өтти.
Илажға министрликлер, уйымлар, тармақ бирлеспелери, коммерциялық банклер Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли ҳәкимият уйымларының басшылары, республикамыздың Венгрия, Қырғызстан ҳәм Тәжикстандағы дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары, усы мәмлекетлердеги исбилерменлер менен тиккелей бирге ислесип атырған исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнасты.
2021-жыл Венгрия, Қырғыз Республикасы ҳәм Тәжикстан менен өткерилген жоқары дәрежедеги илажлар үлкен әмелий әҳмийетке ҳәм нәтийжелиликке ийе болып, ушырасыўлар жуўмағында тийисли «Жол карталары» қабыл етилгенлиги атап өтилди.
Мәжилис даўамында әмелдеги келисимлердиң орынланыўы ҳәр тәреплеме көрип шығылды, пайда болған мәселелер талланды. Машқалаларды оператив шешиў жоллары ислеп шығылып, жуўапкерлерге тийисли көрсетпе берилди.
Атап айтқанда, еки тәреплеме шәртнамаларды хатлаўдан өткериў, машқалалы мәселелер үстинде жумыс алып барыў мақсетинде сырт ел шериклери менен қосымша сөйлесиўлер шөлкемлестириў белгиленди. Тастыйықланған инвестициялық жойбарлардың ўақтында орынланыўын тәмийинлеў ҳәм интакерлерге әмелий жәрдем көрсетиў ўазыйпасы қойылды.
Тармақ бирлеспелери басшылары тәрепинен инвестициялық ҳәм саўда тараўында бирге ислесиўди раўажландырыўдың ҳәзирги жағдайы, сондай-ақ, келешектеги режелер ҳаққындағы есабатлар усынылды. Экономикалық қатнасықларды тереңлестириў мақсетинде имканиятлардан максимал дәрежеде пайдаланыў бойынша көрсетпе берилди.
Сөйлесиў жуўмағында Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрилигине қысқа мүддетте жаңа перспективалы инвестициялық жойбарлар ҳәм саўда келисимлериниң дизимин усыныў, сырт елли бирге ислесиўшилер менен сөйлесиўлерди жеделлестириў тапсырылды.
ӨзА