Президентимиз тәрепинен алға қойылғын 5 әҳмийетли басламаның үшиншиси халық ҳәм жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириўге қаратылған.

Усы бағдар бойынша «IT Park» Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳәм ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Жаслар қанаты» биргеликте Нөкис районындағы 21-санлы улыўма билим бериў мектебинде питкериўши класс оқыўшылары ушын IT тараўы  бойынша мастер-класс өткерилди.

Қәнигелердиң қатнасыўында өткерилген бул ушырасыўдан тийкарғы мақсет – районда жаңадан ашылған IT оқыў орайындағы 11 түрдеги оқыў курслары менен жасларды жақыннан таныстырыў ҳәм олардың санлы технологияларға болған қызығыўшылығын арттырыў болып есапланады.

Ушырасыўда барлық тараўлар сыяқлы мәлимлеме-технологиялары тараўын раўажландырыў, әсиресе, IT тараўына жасларды кеңнен тартыў, олардың мәлимлеме-технологиялары тараўында исбилерменлик жумысларын жолға қойыў, жаслардың дәраматларын арттырыўға да хызмет ететуғынлығы атап өтилди.

Жаслар менен сәўбетлесиў даўамында олардың компьютер технологиялары бойынша билимлерин сынақтан өткериў мақсетинде тест көринисиндеги сораўнама өткерилди ҳәм жаслар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги