Мүнәсибет

Усы жылдың 5-апрель күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында халық билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин таллаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Бул мәжилисте мәмлекетимиз басшысы мектеп билимлендириўин реформалаў бойынша жылдың басында белгиленген тапсырмалардың орынланыўы, жылдың ақырына шекем исленетуғын әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм оның нәтийжелерин статистикалық мағлыўматлар тийкарында таллады.

Соның ишинде, билимлендириўдиң сапасы, муғаллимлердиң потенциалы ҳәм оқыўшылардың жоқары оқыў орынларына кириў дәрежеси бираз төмен екени, мектеплерде балалар тәрбиясы, қатнас, руўхый орталық, мектеп филиалларының жағдайы, мектеплерди компьютер менен тәмийинлеў бойынша жумыслар жанланбай атырғаны ҳәм оқытыў методикасының пүткиллей гөнергени сынға алынды.

Сондай-ақ, алыс ҳәм шетки аймақлардағы және «аўыр» шараяттағы мектеплерде билимлендириўдиң сапасын арттырыўға байланыслы жумыслар қанаатландырарсыз екени көрсетип өтилди.

Мәжилисте жаслар тәрбиясына айрықша итибар қаратылды. Мектеплерде руўхый орталықты түп-тийкарынан жақсылаў бойынша жаңа концепция ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Соңғы жылларда Президентимиздиң басламасы менен халқымыздың өтиниш-тилеклерин есапқа алған ҳалда билимлендириў системасын реформалаўға қаратылған бир қатар қарар, пәрман ҳәм бийликлер қабыл етилгенлигин атап өтиў керек. Қабыл етилген қарар, пәрман ҳәм бийликлер халық билимлендириў системасында мәмлекетлик басқарыўды түп-тийкарынан жетилистириў, билимлендириўди басқарыўға ўәкилликли мәмлекетлик шөлкемлердиң жуўапкершилигин және жумыс нәтийжелилигин арттырыў, елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда, халық билимлендириў мәкемелериндеги оқыў процесине алдыңғы сырт ел тәжирийбелерин, жаңа педагогикалық технологияларды, билимлендириўдиң техникалық ҳәм информациялық қуралларын енгизиўди күшейтиў, билимлендириў процесин халықаралық стандартлар дәрежесине сай тәризде шөлкемлестириў ушын зәрүр шараятлар жаратыўға қаратылған. Бирақ, еки айда барлық аймақларда өткерилген үйрениўлердиң нәтийжесинде республикадағы 852 мектепте билимлендириўдиң сапасы, муғаллимлердиң потенциалы ҳәм оқыўшылардың жоқары оқыў орынларына кириў дәрежеси бираз төмен екени анықланған.

Сондай-ақ, халық билимлендириў системасында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў, министрликтиң жумысын улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириў системасын раўажландырыўға қаратыў, билимлендириўдиң басқарыў уйымларының жумыс нәтийжелилигин және жуўапкершилигин арттырыў, оқыў-тәрбия процесине алдыңғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын нәтийжели енгизиў арқалы билимлендириўдиң сапасын тәмиийнлеў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, мәжилисте мәмлекетимиз басшысы  келеси оқыў жылы басланғанға шекем 960 мектеп компьютер класы менен тәмиийнлениўи, 740ы жаңадан үскенеленетуғынын атап өтти. Улыўма, 5 мыңнан аслам компьютер классларын жаңалаў бойынша айрықша бағдарлама қабыл етилиўи белгиленди.

Және бир әҳмийетли тәрепи, мәлимлеме технолоияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине мектеплер ушын өз-алдына жеңилликли тарифлер ашыў, оқыўшылардың санына қарай, мектеплерде интернет тезлигин секундына 100 Мегабитке шекем көбейтиў ўазыйпасы қойылды.

Бүгинги күнде халық билимлендириў системасы түпкиликли реформалар орайында тур, десек алжаспаймыз. Себеби, ертеңги күнимизди белгилейтуғын жас әўлад ҳәм устаз-муғаллимлердиң ең үлкен контингенти әйне усы системаға қамтып алынған. Терең билим ҳәм турмыслық көнликпелерге ийе болған, интеллектуаллық жақтан раўажланған ул-қызларды тәрбиялаў, соның менен бирге, Өзбекстанның қысқа мүддетлерде раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыўын тәмиийнлеўде мектеплерде берилип атырған тәлим-тәрбия оғада әҳмийетли орын ийелейди.

Жуўмақлап айтқанда, келешекте елимиздиң раўажланыўына өз үлесин қоса алатуғын, жанажан Ўатанымыздың мәплерин дүнья көлеминде мүнәсип қорғай алатуғын жасларды камалға келтириў жолындағы жумысларымыз еле көп.

Бул жумысларды әмелге асырыўда ҳүрметли Президентимиздиң атап өткениндей, жаңаша қатнас жасаў тийкарында ислеў, адамлардың тәшўиши менен жасаў, тапсырылған ўазыйпаны орынлаўда жуўапкершиликти сезип, пидайылық үлгисин көрсетиў –  бүгинги күнде жумысымыздың баслы факторы болыўы керек. Ҳәр бир мәмлекетлик хызметкер ҳәр күни өзиниң мийнети менен ийелеп турған лаўазымына ылайық екенин дәлиллеўи шәрт.

 

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының дупутаты,

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери

комитетиниң ағзасы,

Қарақалпақстан хабар агентлиги