Кеше ғана Әзербайжан Республикасы Миллий Межлиси Баслығы Саҳиба Гафарова рәсмий сапар менен Өзбекстанға келди.

Бүгин 1-апрель күни, Әзербайжан Республикасы Миллий Межлиси Баслығы С.Гафарова басшылығындағы делегация ағзалары Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен қурылған «Жаңа Өзбекстан» паркине келди.

Делегация ағзаларына Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев шериклик етпекте.

Әзербайжан Республикасы Миллий Межлиси Баслығы С.Гафарова «Жаңа Өзбекстан» паркиндеги Ғәрезсизлик монументине гүл қойды. Мийманға комплексте сәўлелендирилген тарийхый ўақыялардың мазмуны ҳаққында айтып берилди. Бул парктиң қысқа мүддетте қурылғаны, тарийхшы илимпазлар, дөретиўши зыялылар, нураныйлар ҳәм жаслар менен мәсләҳәтлесип, «Жаңа Өзбекстан» комплексиниң идеялық ҳәм архитектуралық шешимлерине айрықша итибар қаратылғаны  делегация ағзаларында үлкен тәсирлер қалдырды.

ӨзА