Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги жәҳәнниң жетекши, абырайлы ҳәм көп хабар тарқататуғын мәлимлеме агентликлери, редакциялары менен бирге ислесиўге стратегиялық және тийкарғы ўазыйпа сыпатында қарайды. ӨзА бас директоры Абдусаид Кўчимов бул ҳаққында Бирлескен Араб Әмирликлери мәлимлеме агентлиги – WAM хабаршысына берген интервьюинде айрықша атап өтти.

1976-жылы шөлкемлестирилген WAM БАӘниң жаңалықларғы қәнигелескен бас мәлимлеме уйымы болып, мәмлекет ҳәм дүньядағы ең әҳмийетли сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм басқа да тараўларға байланыслы ўақыяларды жарытып барады. Ҳәзирги ўақытта бул агентлик дүньяның 50 ден аслам жетекши мәлимлеме агентликлери менен бирге ислесип келеди.

ӨзА басшысы бул абырайлы басылым ўәкили менен болған сәўбетлесиўде Өзбекстан кейинги жыллары заманагөй медиа майданды раўажландырыўға жоқары итибар қаратып атырғанын, бул процессте мәмлекет ҒХҚ ушын халықаралық дөретиўшилик бирге ислесиў менен байланыслы жумыс әҳмийетли екенин атап өтти.

– Тек ғана кейинги 5 жыл ишинде республикамызда 10 жаңа телеканал ашылды. 20 дан аслам онлайн мәлимлеме дәреклери дизимнен өтти. Улыўма, усы дәўир аралығында Өзбекстанның ҒХҚ қатары 30 процент кеңейди,-дейди А.Кўчимов.

Интервьюде қосымша етиўинше, Өзбекстанда ҳәзирги ўақытта улыўма 1962 ғалаба хабар қуралы жумыс алып барады, солардың 1232 си, яғный, шама менен, 63 проценти мәмлекетлик емес уйым. Бул дизимнен 39 телестудия ҳәм телеканал, 33 радиостанция ҳәм 557 веб-сайт орын алған.

«Биз Орайлық Азияның барлық мәмлекетлери, сондай-ақ, Әзербайжан ҳәм дүньяның басқа да ҳәр қыйлы мәмлекетлериниң мәлимлеме агентликлери менен шәртнама, меморандум ямаса келисим тийкарында мәлимлеме алмасыў бойынша шерикликти жолға қойғанбыз»,-дейди ӨзА бас директоры БАӘ Дубай қаласына сапары шеңберинде Әмирликлердиң WAM агентлиги менен келисиў ҳүжжетине қол қойыў ўақтында.

Өткен ҳәптеде жүз берген бул ўақыя, яғный Абдусаид Кўчимов ҳәм WAM бас директоры Муҳаммад Жалол Ал-Райсий тәрепинен тастыйықланған бирге ислесиў келисими тәреплердиң өз-ара хабар ҳәм жаңалықлар, аналитикалық материаллар алмасыўы, хызметкерлер арасында тәжирийбе ҳәм маманлық арттырыў бағдарламаларында қатнасыўды нәзерде тутады.

Мырза Ал-Райсий WAM сырт ел ҒХҚ менен кең көлемли шерикликке умтылып атырғанын атап өтип, ӨзА ўәкиллерин быйыл ноябрь айында БАӘде өткерилиўи режелестирилген Глобал медиа-конгресс майданында көриўден кеўли толатуғынын билдирди.

Өз гезегинде Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги басшысы жәмәәт жумысын жетилистириў перспективасы ҳаққында айтып, «Дурысын айтсам, бул бойынша еле ислейтуғын жумысларымыз көп»,-деди.

Ҳәзирги күнде uza.uz сайты араб, рус, француз, инглис сыяқлы тоғыз тилде мағлыўмат тарқатса да, бул агентлик ушын шегара емес.

«Мен тез арада Әмирликлерде де уйымымыз ашылыўына үмит етемен. Қалаберди жақын келешекте Әзербайжан, Түркия, сондай-ақ, Европа ҳәм Америка мәмлекетлеринде де хабаршылық бөлимлери жумыс баслайды»,-деп жуўмақ жасайды өз пикирине Абдусаид Кўчимов.

Ғ.ХОННАЗАРОВ, ЎзА