Қоңырат электр тәмийнаты кәрханасында ислейтуғын жумысшылар арасында турақлы түрде киши футбол, волейбол, баскетбол жарысларын өткерип барыў арқалы олардың спорт пенен шуғылланыўын тәмийинлеў мақсетинде жаңа стадион қурып питкерилген еди.

Районда усы стадионның ашылыў мәресими ҳәм Наўрыз байрамына бағышланған илаж өткерилди.

Ашылыў мәресиминде «Қоңырат аймақлық темир жол узели» УК баслығы Б.Қудайназаров, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы  Кеңесиниң аппарат баслығы Ш.Өтемисов басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде кәрханада 190 ға шамалас адам жумыс ислемекте. Соның дерлик үштен бири 30 жасқа шекемги жаслар болып есапланады.

Спорт майданшасының ашылыўы кәрхана жаслары ушын қуўанышлы жаңалық болды. Себеби, бул стадион усы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың спорт пенен турақлы түрде шуғылланып барыўында үлкен әҳмийетке ийе.

Байрам мүнәсибети менен тараў ветеранлары, мийманлар ҳәм жумысшылар ушын дастурхан жайылып, кәрханадағы цехлар арасында футбол, арқан тартысыў, қол гүреси, миллий ойын түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестирилди.

Жеңимпазларға қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Ҳәр ҳәптениң екшемби күни кәрхана хызметкерлери менен жумысшыларының футбол, волейбол, стол тенниси ҳәм баскетбол менен турақлы шуғылланыў күни, деп белгиленип, жақын арада  саламат турмыс тәризи ушын «5000 адым» ҳәм районда веломарафон илажларын өткериўге келисип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги