18-мартқа өтер ақшам Европа Конференциялар Лигасы1/8 финалыныӊ жуўап ушырасыўлары болып өтти.
Өзбекстан футбол жанкүйерлерин қызықтырыўшы Италияныӊ «Рома» ҳәм Нидерландияныӊ «Витесс» ушырасыўы теӊбе-теӊ есапта жуўмақланды. Атап айтқанда ойынныӊ 62-минутында Максимилиан Виттек өзиниӊ әжайып голы менен «Витесс»ти алдынға алып шыққан болса, 90-минутта «Рома»ныӊ англиялы ҳүжимшиси Тэмми Абрахам жуўап тобын жоллап, Жозе Моурини шәкиртлерин келеси басқышқа алып шықты.
Бул ойында Өзбекстан сайланды командасы сәрдары Элдор Шомуродов майданға түспеди.
Сондай-ақ, усы күни Англияныӊ «Лестер», Нидерландияныӊ «ПСВ», «Фейеноорд», Францияныӊ «Марсель», Грецияныӊ «Паок» клублары өз қарсыласларын жеӊип шығып, шерек финал жолламасын қолға киргизди.
Ал, Норвегияныӊ «Будё-Глимт» и сапарда «АЗ Алкмар» менен 2-2, Чехияныӊ «Славия»сы Австрияныӊ «LASК» командасынан 3:4 есабында жеӊилип қалғанына қарамастан, дәслепки ойын нәтийжелерине бола кубоктиӊ шерек финалына шығыўға миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы