18-мартқа өтер ақшам Европа Конференциялар Лигасы1/8 финалыныӊ жуўап ушырасыўлары болып өтти.

Өзбекстан футбол жанкүйерлерин қызықтырыўшы Италияныӊ «Рома» ҳәм Нидерландияныӊ «Витесс» ушырасыўы теӊбе-теӊ есапта жуўмақланды. Атап айтқанда ойынныӊ 62-минутында Максимилиан Виттек өзиниӊ әжайып голы менен «Витесс»ти алдынға алып шыққан болса, 90-минутта «Рома»ныӊ англиялы ҳүжимшиси Тэмми Абрахам жуўап тобын жоллап, Жозе Моурини шәкиртлерин келеси басқышқа алып шықты.

Бул ойында Өзбекстан сайланды командасы сәрдары Элдор Шомуродов майданға түспеди.

Сондай-ақ, усы күни Англияныӊ «Лестер», Нидерландияныӊ «ПСВ», «Фейеноорд», Францияныӊ «Марсель», Грецияныӊ «Паок»  клублары өз қарсыласларын жеӊип шығып, шерек финал жолламасын қолға киргизди.

Ал, Норвегияныӊ «Будё-Глимт» и сапарда «АЗ Алкмар» менен 2-2, Чехияныӊ «Славия»сы Австрияныӊ «LASК» командасынан 3:4 есабында жеӊилип қалғанына қарамастан, дәслепки ойын нәтийжелерине бола кубоктиӊ шерек финалына шығыўға миясар болды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы