Бүгин түнде Испания пайтахты Мадридте футбол бойынша Европа чемпионлар Лигасыныӊ 1/8 финал жуўап ушырасыўы болып өтти.

Онда Чемпионлар Лигасын еӊ көп жеӊип алған Мадридтиӊ «Реал» клубы  өзиниӊ жулдыз футболшылары менен чемпионлыққа тийкарғы даўагерлердиӊ бири сыпатында көрилип киятырған Францияныӊ «Пари Сен-Жермен» командасы футболшылары менен майданда өз-ара гүрес алып барды.

Ойындағы есапты 39-минутта франциялы жулдыз ҳүжимшилердиӊ бири Килиан Мбаппе бразилиялы Неймардыӊ голлы узатпасынан соӊ ашыўға еристи. Бул болса,  парижли футболшылар ҳәм жанкүйерлерди шексиз қуўанышға бөледи.

Бирақ, ушырасыўдыӊ екинши бөлиминде  Карло Анчелотти футболшыларына әўмет күлип бақты. Атап айтқанда, 61-минутта Кәрим Бензема «ПСЖ» дәрўазаманы  Джанлуиджи Доннарумманыӊ қопал қәтесинен соӊ есапты теӊлестирген болса, 76 ҳәм 78-минутларда Лука Модрич ҳәм Винисиус Жуниорлардыӊ жәрийма майданына анық топ жеткерип бериўи нәтийжесинде  Бензема өз атына хет-трик жаздырып қойыўға миясар болды.

Бул жеӊис арқалы «Реал» клубы шерек финалға жолламаны қолға киргизди.

Ал, Англияныӊ «Манчестер сити» ҳәм Португалияныӊ «Спортинг» клублары арасында болып өткен екинши ойында болса, есап ашылмады. 0-0. Бул болса, «Манчестер сити» футболшыларын кейинги басқышқа алып шықты.

Солай етип, Европа чемпионлар Лигасында өткерилген төрт ойынныӊ жуўмағына бола  «Ливерпул», «Бавария», Манчестер сити» ҳәм «Реал» клублары шерек финалға жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы