Бүгинги күнде мәмлекетимизде жаслардың тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратыў, әсиресе, студент-жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларға мүнәсип жумыс орынларын жаратыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Себеби, Ўатанымыздың ертеңги тәғдири, келешеги студент-жаслардың билимине, тәлим-тәрбиясына, ийелеп атырған кәсибине ҳәм маман қәниге болып жетилисиўине байланыслы болып есапланады.
Жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлерди билимлендириў, хызмет көрсетиў, санаат, денсаўлықты сақлаў, қурылыс, аўыл хожалығы, қаржы ҳәм 85 тараўларына тартыў, исбилерменлик пенен шуғылланыўын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы мәмлекетлик сиясат келешегимиз болған жаслардың турмысында өз орнын табыўында оғада әҳмийетли болып есапланады.
Усы жылдың 4-март күни Президентимиздиң басшылығында студентлердиң жумыс ислеп, дәрамат табыўы ушын қосымша имканиятлар жаратыў атамасындағы видеоселектор мәжилисинде Жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлердиң 100 мыңға шамаласын жумыс ислеў ҳәм қосымша дәрамат табыў нийетиниң бар екенин билдиргени ҳәм ҳәзирги күнде студентлердиң жумыс ислеўи мүмкин болған 105 мың вакант жумыс орынларының бар екени атап өтилди.
Атап айтқанда, студент-жаслардың кәсиплик шеберлигин арттырыўға айрықша итибар қаратыў, олардың өз қәнигеликлери бойынша тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеўи, оқыўда алған билимин әмелиятта қолланыўы, бул болса, өз гезегинде, қәбилетли жасларды таңлап алыў, олардың әмелият өтеген орынларында жумыста қалыўын тәмийинлеў, маман кадрларға талабы үлкен болған санаат тармақларына тартыў имканиятын да жаратады.
Мәмлекетимиз басшысы видеоселектор мәжилисинде студент-жаслардың жумыс ислеп, дәрамат табыўы ушын жумыс ислеўге мүтәж студентлерге ҳәким ямаса ректорлар жәрдем берип, олардың бәнтлигин тәмийинлейтуғынын атап өтти.
Бул жумысларды системалы шөлкемлестириў ушын бас министрдиң басшылығындағы ҳәкимлер ҳәм ректорлар менен бирге аймақларда республикалық комиссияның дүзилиўи белгиленди.
Улыўма етип айтқанда, мәмлекетимизде жаслар менен ислесиў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қаралып атырғаны, мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳаққында қайта-қайта тоқталып атырғаны да бийкарға емес. Себеби, жаслардың келешеги жолында әмелге асырылған ийгиликли жумыслар ҳеш қашан итибарсыз қалмайды. Әсиресе, студентлердиң тәғдирине жуўапкершилик сезими менен қараған мәмлекетлерде тек ғана раўажланыў бақланған. Жаслар бизлердиң тийкарғы сүйенишимиз. Олар пуқта билим ҳәм дәрамат дәрегине ийе болса, мәмлекеттиң раўажланыўына өз үлесин қосады, жәмийеттиң раўажланыўы ушын хызмет етеди. Елимизде жас әўладтың камалға келиўине жоқары итибар, соның ишинде, ул-қызларымыздың терең билим алыўы ҳәм кәсип ийелеўи жолындағы ҳәрекетлер де анық нәтийжелерин беретуғыны сөзсиз.
Мухтар ИБРАГИМОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,
Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт
мәселелери бойынша комитетиниң ағзасы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги