Жолларда нызамсыз түрде тосқынлықлар орнатыў жуўапкершиликке себеп болады

419

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.

Мәмлекетимизде жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳәрекет қатнасыўшылары ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз шараятларды жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта, -деди депутат Гулшана Худоёрова. –Бул нызам жойбары менен тротуарлар, пияда ҳәм велосипед жоллары ҳәм оларға байланысқан аймақларда қурылған жасыл майданларда автотранспорт қуралларын жүргизиўдиң (арнаўлы автотранспорт қуралларынан басқа) алдын алыўға қаратылған нормалар белгиленбекте.

Сондай-ақ, халық тәрепинен жол ҳәрекети қатнасыўшыларының ҳәрекетине тосқынлық етиўши нызамсыз түрде тосқынлықларды ҳәм басқа қурылмадарды орнатыў жағдайларына шек қойыў ушын жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылмақта. Нызам жойбарының қабыл етилиўи жолларда ҳәрекет қатнасыўшылары қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың еркин ҳәрекетлениўине шараят жаратыўға хызмет етеди.

Статьяма-статья додалаўлар даўамында депутатлар айырым нормалар бойынша анықластырыўшы сораўларды ортаға қойды ҳәм жуўапкерлерден жуўаплар алды. Додалаўлардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилди.

                                                                                                                           ӨзА