Қамақтағылар менен видео-ушырасыў ушын мәкемелерде материаллық-техникалық база бар ма?

318

Парламент төменги палатасы мәжилисинде еркинен айырылған шахслардың аралықлы видео-ушырасыўға болған ҳуқықын тәмийинлеўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Бул нызам жойбары заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў арқалы еркинен айырылған шахслардың жәмийеттен үзилип қалмаўын тәмийинлеў, жазаны өтеп шыққаннан соң жәмийетке қайта бейимлесиўине жәрдемлесиў мақсетинде ислеп шығылған.

Нызам жойбары менен Жынаят-атқарыў кодексиниң тийисли статьяларына Ишки ислер министрлиги басқарыўындағы барлық жазаны өтеў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағыларға аралықтан видео-ушырасыў ҳуқықын бериў арқалы өз жақынлары менен онлайн ушырасыў имканиятын жаратыўды нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Онда аралықлы видео-ушырасыў саны жазаны өтеў тәртип-қағыйдаларына қарап белгиленеди. Мысалы, улыўма тәртипли колонияда жаза өтеп атырған болса, бир жылда 12 мәрте, қатты тәртипли колонияда болса 8 мәрте видео-ушырасыў өткерилиўи, даўамлылық мүддети болса 15 минутқа шекем етип белгиленбекте.

Додалаўлар даўамында лепутатлар нызам жойбары бойынша өз пикирлерин билдирип, усы нызам жойбары инсан мәплерине хызмет ететуғыны, еркинен айырылған шахслардың аралықтан турып жақынлары менен видео-ушырасыў ҳуқықын тәмийинлеўге қаратылғанын айрықша атап өтти. Сондай-ақ, айырым сораўларды ортаға таслады.

— Аралықлы видео-ушырасыўды шөлкемлестириў ушын жазаны өтеў мәкемелеринде зәрүр материаллық-техникалық база бар ма?

Депутат Дилдора Камолованың бул сораўына жуўапкерлер тәрепинен төмендегише жуўап берилди:

— Бүгинги күнде әмелде де телефон ҳәм видео-ушырасыўлар шөлкемлестирилип келинеди. Видео-ушырасыў ушын қамақтағының шаңарақ ағзалары өз аймағындағы мәкемемизге барыўы керек. Ендигиден былай онлайн платформа арқалы әмелге асырыў имканиятына ийе боламыз. Ҳәзирги күнде бундай платформадан 45 и мәкемелеримизге орнатылған. Нызам қабыл етилгеннен соң олардың саны 150ге жеткериледи. Бул арнаўлы онлайн бағдарлама қамақтағының жақынларының телефон номерлерине жалғап бериледи.

Қызғын сораў-жуўаплардан соң нызам жойбары қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА