Әзербайжанның салыққа тартыў тараўындағы тәжирийбеси үйренилди

318

Салық тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў шеңберинде Өзбекстан Республикасы Салық комитети делегациясы Әзербайжан Экономика министрлиги жанындағы Мәмлекетлик салық хызметине барды.

Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет, Әзербайжанның салық ҳәкимшилиги ҳәм салыққа тартыў тараўындағы тәжирийбесин үйрениўден ибарат.

Ҳәр еки тәреп мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара бирге ислесиў және де жоқары дәрежеге көтерилип атырғаны ҳәм еки тәреплеме экономикалық байланыслар тереңлесип баратырғанын атап өтти.

Ушырасыўда кең көлемли мәселелер додаланды. Соның ишинде, «жасырын экономика» дәрежесин азайтыў қураллары, салық нызамшылығын жетилистириў, салық ҳәкимшилигин раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары додаланды.

Өзбекстан тәрепи Әзербайжан Республикасы қосымша қун салығы ҳәкимшилиги тараўындағы тәжирийбесине айрықша қызығыўшылық билдирди. Үш күнлик ушырасыўлар даўамында Салық комитети ўәкиллери ҚҚС депозит есап-номерин жүргизиў механизми, ҚҚСты қайтарыў системасы ҳәм усы тәреплерди тәртипке салатуғын нызамшылықтағы өзгерислер менен танысады.

Ушырасыў жуўмағында бундай жумысшы байланыслар ҳәм тәжирийбе алмасыўлар өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге ҳәм еки мәмлекетте нәтийжели салық басқарыўын жолға қойыў бойынша улыўма шешимлерди ислеп шығыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ш.Маматуропова,  ӨзА