Ҳәммемизге белгили, регионымызда барған сайын күшейип атырған суўдың жетиспеўшилиги себепли Әмиўдәрьядан Арал теңизиниң қубла аймақларына жетип баратуғын суўдың муғдары жылдан-жылға азайып бармақта. Бул нәрсе суў ресурсларынан үнемли пайдаланыўды, суўдың ысырапкершилигиниң алдын алыўға қаратылған кешиктирип болмайтуғын әҳмийетли илажларды әмелге асырыўды талап етпекте.

Бүгинги күнде Түйемойын суў базасындағы суў резерви 4 млрд. 409 млн. м3 ти қурап, жәми суў базадан 197 м3/сек, соннан Әмиўдәрьяға 170 м3/сек суў муғдары шығарылмақта.

Аўыл хожалығында пайдаланылатуғын егислик майданларға суўды жеткерип бериў, заманагөй электр энергиясын ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, суўдың ысырапкершилигиниң алдын алыў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

Биз Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жүзбаев пенен сәўбетлесип, усы бағдардағы қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Быйылғы жыл тараўда “Каналларды бетонлаў бойынша ылғаллы жыл”, деп  жәрияланып, суўдың атызларға жетип бараман дегенге шекемги аралықта ысырап болыўының алдын алыў бойынша көлемли жумыслар баслап жиберилди. Бул жумыслардың ҳәзирги барысы қай дәрежеде?

– Шынында да, быйылғы аўыл хожалығы жылында биз суўшылар, сондай-ақ, барлық суўдан пайдаланыўшылардың қыйын машқаласы болған каналларымыздағы үлкен муғдардағы суўдың ысырапкершилигин азайтыўға қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырыла басланған тарийхый жыл болмақта.

Өткен жылдың 29-ноябрь күни Президентимиздиң басшылығында аўыл хожалығында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм суў шығынларын азайтыў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен  белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2023-жыл 1-декабрьдеги суў ресурсларын басқарыўда суўды үнемлеўши технологияларды қолланыў, ишки суўғарыў тармақларында суўдың ысырапкершилигиниң алдын алыўға қаратылған арнаўлы президиум қарары қабыл етилди.

Соған байланыслы қабыл етилген тийисли қарар ҳәм бағдарламалар тийкарында Хожели районындағы “Таслы жап” ҳәм “Шийрин жап” каналларында 2024-жылдың өзинде басланған бетонлаў жумыслары бүгинги күнде өз жуўмағына жеткерилди. Соның менен бирге, Нөкис қаласы орайын кесип өтетуғын “Дослық” каналының белгиленген бөлегинде бетонлаў жумыслары даўам етпекте.

Республикамызда 2024-жылы 14 ирригациялық объектлерде қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген. Онда жәми 114,6 километрлик узынлықтағы каналларды қурыў ҳәм реконструкциялаў белгиленген болып, бүгинги күнде усы объектлердиң 107,8 километрлик бөлегинде бетонлаў, қурыў, реконструкциялаў жумыслары алып барылды. Бул илажлар нәтийжели әмелге асса 27,5 мың гектарлық егислик жер майданының суў тәмийнаты жақсыланыўына ерисиледи.

Соның менен бирге, быйыл 8 объектте жәми 80,9 километрлик узынлықтағы мелиоративлик объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў белгиленип, ҳәзирги күнге шекем 78,9 километрлик коллекторларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды.

 – Суў үнемлеўши технологияларды енгизиў арқалы бар суўдан утымлы пайдаланыўды жолға қойыў бойынша қандай жумыслар исленбекте?

– Жоқарыда атап өткенимиздей, суўдың муғдары барған сайын азайып баратырған ҳәзирги дәўирде канал ҳәм салмаларды бетонлаў менен бирге, суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў де суўды аз муғдарда жумсаў арқалы мол өним жетистириўдиң тийкарғы факторларынан болып есапланады. Сонлықтан да, соңғы жылларда Қарақалпақстан Республикасында да суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, усыған байланыслы дүзилген жойбарларға тийкарланып, бүгинги күнге шекем жәми 17 мың 229 гектарлық майданда суўды үнемлеўши технологиялар енгизилди. Соннан 3474 гектар майданға тамшылатып суўғарыў, 2898 гектарлық ғәлле майданларына жаўынлатып суўғарыў, 502 гектарлық майданға дискрет суўғарыў ҳәм 10 мың 355 гектарлық майданға майысқақ трубалар ҳәм қарыққа плёнка төсеп суўғарыў технологиялары енгизилди. Соның менен бирге, пахта егилетуғын 44 мың 461 гектарлық майданда жерлерди лазерли тегислегишлер жәрдеминде тегислеў жумыслары әмелге асырылды. Усы илажларды әмелге асырыў нәтийжесинде быйылғы суўғарыў мәўсими даўамында 472 миллион куб метр суў үнемленди.

– Бул бағдарда халықаралық бирге ислесиў, грант қаржыларын иске қосыў, сырт ел ивестицияларын тартыў жумыслары қалай шөлкемлестирилмекте?

– Быйыл усы мәселеге үлкен дыққат бөлинип, республикамыз аймақларына суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў жумысларына халықаралық шөлкемлердиң грант қаржыларын қосыўға да айрықша итибар қаратылды. Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм Глобал жасыл өсиў институты (Қубла Корея) арасында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды.

Бирге ислесиў жумыслары шеңберинде Корея Халықаралық бирге ислесиў агентлиги тәрепинен қаржыландырылған ҳәм Глобал жасыл өсиў институты  тәрепинен “Арал теңизи апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў ушын Қарақалпақстан Республикасын жасыл реабилитациялаў” инвестициялық жойбары шеңберинде баҳасы 850 мың доллардан аслам қаржы тийкарында Қарақалпақстанға технологиялар алып келиниўи ҳәм турмысқа енгизилиўи белгиленген.

Жақында Шымбай районындағы «Жүзбасы» фермер хожалығына CASSELLA компаниясы тәрепинен баҳасы 70 мың долларлық Италияда ислеп шығарылған шланг барабанлы машиналар жеткерип берилди.

Итибарлысы, кластерлер ҳәм фермер хожалықларының бул технологияға қызығыўшылығы артқаны нәтийжесинде банк кредитлери есабынан Кегейли, Қараөзек, Тахтакөпир, Бозатаў, Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Мойнақ ҳәм Әмиўдәрья районларында жәми 37 жаўынлатып суўғарыў түрине киретуғын – мобиль суўғарыў машинасы алып келинип, атызларды суўғарыўда кеңнен қолланыла баслады. Олардың сегизи сырт елли бирге ислесиўши шөлкемлердиң грант қаржылары есабынан енгизилди.

Сондай-ақ, республикамызда биринши мәрте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы жойбары тийкарында баҳасы 220 мың АҚШ долларлық Қанлыкөл районындағы 113 гектарлық майданға айланба (пивот) суўды үнемлеўши технология жыл жуўмағына шекем иске түсирилиўи режелестирилмекте. Улыўма алғанда республикамыздың барлық районларында 2025-жылдың өними ушын 47 мың 300 гектарлық майданда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў режелестирилген.

– Суў муғдары ҳәм есабы қандай?

– Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылғы вегетациялық мәўсимде, яғный суўғарыў мәўсиминде 4 млрд. 917,0 млн. м3 суў муғдарлары лимитке салыстырғанда 100 процент қарыйдарларға жеткерип берилди. 91 мың гектарлық пахта, 63 мың гектарлық бийдай атызлары, қыйтақ жер ҳәм басқа да аўыл хожалығы егислик майданлары суў менен тәмийинленди.

«Түйемойын»нан алынған суў муғдарларынан 85,0 м3/сек. суў санитар-экологиялық мақсетлер ушын Тақыятас гидроузелинен Әмиўдәрьяның төменги ағымына жөнелтирилип, тәбийғый көллерге жеткерилип атыр.

Суў хожалығының басқарыў системасындағы реформалар нәтийжесинде барлық районларда “Суў жеткериў хызмети” мәмлекетлик мәкемелердиң жумыслары жолға қойылды ҳәм олар суўдың есабын жүргизиў, ең соңғы аймақларға шекем суўды жеткериў жумысларын алып бармақта. Быйылғы суўғарыў мәўсиминде көп жыллардан берли суў барыўы қыйын болған 35 мың 978 гектарлық майданда суў тәмийнаты жақсыланып, усындай 35 аймаққа суў жеткерип берилди.

2024-жылы 1-январьдан 1-октябрьге шекем суў тутыныўшыларына 3 миллиард 74,8 млн м3 суў жеткерип берилген. 549,12 млн м3 суў шор жуўыўға жумсалған болса, 1 миллиард 394 млн. м3 суў халықтың қыйтақ жерлерине берилди.

– Суў хожалығы жумысларының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде санластырыў илажларын әмелге асырыў әҳмийетли илажлардан саналады. Бул бағдардағы жумыслардың барысы қай дәрежеде?

– Усы жыл 7-ноябрь күни Президентимиздиң басшылығында аўыл хожалығында суў ҳәм энергия ресурсларынан өнимли пайдаланыў мәселелерине бағышланып өткерилген мәжилисте Мәмлекетимиз басшысы суў хожалығы тараўында кескин өзгерис ислеўдиң бирден-бир жолы – санластырыў екенин айрықша атап өткен еди.

Ҳақыйқатында да, тараўға санлы технологияларды енгизиў арқалы инсан араласыўын азайтыў ҳәм оперативлик пенен суўдың есабын анық жүргизиў ҳәм тағы басқа көплеген нәтийжелиликке ерисиў мүмкиншиликлери бар.

Өткен 2021-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 986 “Ақыллы суў” қурылмаларының орнатылыўы тәмийинленип, соннан 959 ы министрликтиң серверине интеграцияланды.

Соның менен бирге, насос станцияларында суў ҳәм электр энергиясының жумсалыўы “онлайн” режимде мониторинг етиў мүмкиншилигин беретуғын 281 “Ақыллы есаплағыш” қурылмалары орнатылып, министрликтиң серверине толық интеграцияланды.

Мәмлекетимиздиң басқа аймақларынан айрықша түрде Аралбойында қыс ҳәм бәҳәр мәўсиминде шор жуўыў илажлары әмелге асырылады. Бунда дийқан-фермерлеримизге жер асты суўының көтерилиўин ҳәм жерлердиң шорланыў дәрежесин билиўи жүдә зәрүр болады.

Соңғы жылларда Президентимиздиң суў хожалығы тараўын реформалаўға қаратылған қарар ҳәм пәрманлары тийкарында Мелиоративлик бақлаў қудықларына орнатылып атырған «Дайвер» қурылмалары онлайин режимде жер асты суўының қәддин ҳәм олардың минералласыў дәрежесин автомат түрде анықлап, орайлық мәлимлеме системасына жибериў мүмкиншилиги жаратылды. Қарақалпақстан Республикасы бойынша өткен жыллар даўамында жәми 889 “Дайвер” қурылмалар орнатылып, министрликтиң серверине интеграцияланды.

Бул жумыслар быйыл да даўам еттирилип, 2024-жылы 25 “Ақыллы суў” курылмалары орнатылып, министрлик серверине интеграцияланды. Соның менен бирге, бир ири суў хожалығы объектиниң басқарылыўы автоматластырылды. Сондай-ақ, 150 мелиоративлик бақлаў қудықларына “Дайвер” қурылмалары орнатылып, ҳәзирги ўақытта оларды министрликтиң серверине интеграциялаў жумыслары даўам етпекте.

Биз, суў хожалығына санлы технологияларды қосыў мақсетинде программистлер менен де еки тәреплеме сөйлесиўлер алып барып атырмыз. Бир аймақ мысалында алып атырған суў муғдарлары, суўғарылған майдан, қулласы суўғарыў мәўсиминде бир аймақты санластырыў процесслери менен суўдан пайдаланыўшы да, суўшылар да танысып тура алатуғын мәлимлеме системасын жаратыў бойынша усынысларымызды бердик. Әлбетте, Президентимиздиң айтқанындай, суў хожалығы тараўында кескин өзгерислер ислеўдиң бирден-бир жолы – санластырыў болып табылады.

– Насос станцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бериў процеси қалай әмелге асырылмақта?

– Усы жыл 7-ноябрь күнги Президентимиздиң басшылығында өткерилген мәжилисте, Мәмлекетимиз басшысы 2025-жылы суў хожалығында “Насослардың нәтийжелилигин арттырыў жылы” болатуғынын атап өтти ҳәм жеке меншик шериклик тийкарында үнемли насос ҳәм қуяш панельлерин орнатып, 20 процент электрди үнемлеў мүмкиншилиги көрсетип өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен насос станцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында интакерлерге бериў бойынша да илажлар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында 2021-2023-жыллар даўамында баҳасы 164,8 млрд. сумлық, жәми 52 жойбар келисимлерине қол қойылып, насос станциялары жеке меншик секторлардың басқарыўына берилди.

Соның менен бирге, 2024-жылы 8 насос станциясын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында исбилерменлердиң басқарыўына бериў режелестирилип, қосымша үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Республикамызда суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суўдың ысырапкершилигин азайтыўға қаратылған кең көлемли жумыслар басқышпа-басқыш даўам етпекте.

Себеби, суў мут нәрсе емес – бийбаҳа ғәзийне болып табылады. Суўды дийқанның атызына шекем жеткериў ушын мәмлекетлик бюджеттен көплеген қаржы ҳәм суўшылардың машақатлы мийнетлери жумсалады. Сондай-ақ, орнын басыўшысы жоқ ресурс саналған суў жылдан-жылға азайып баратырған бүгинги дәўирде оннан нәтийжесиз пайдаланыў, үнемлеўши технологияларды пайдаланбаў қыянет болып табылады.

Суў хожалығының барлық буўын хызметкерлери басланып атырған 2025-аўыл хожалығы жылында да өз ўазыйпаларын шын кеўилден ҳәм нәтийжели орынлаўға бар күш-жигерин жумсайды.

Сәўбетлескен;   Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы