Өзбекстан сыртқы ислер министри БАӘ елшисин қабыллады

421

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Бирлескен Араб Әмирликлериниң елимиздеги елшиси Саид Матар Ал-Қамзий менен ушырасты.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме қатнасықлар сезилерли дәрежеде кеңейип баратырғаны атап өтилди. Соған қарамастан, алдында орынланыўы керек болған жумыслар еле көп екенлиги ҳәм әмелге асырыў керек болған өз-ара пайдалы жойбарлар бар екенлиги додаланды.

Экономикалық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған келеси жылы болатуғын илажлар режеси көрип шығылды.

ӨзА