«Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-442-санлы, 17.12.2024 ж.)  қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналында хабар берилди.

Қарарға бола, Өзбекстан ҳәм Россия Федерациясы Ҳүкиметлери арасында Өзбекстанға метрология тараўында техникалық жәрдем көрсетиў ҳаққындағы Келисим тастыйықланды. Бул келисимге 2024-жыл 27-май күни Ташкент қаласында қол қойылған.

Атап өтилиўинше, Өзбекстен техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленген.

Министрлер Кабинети, тийисли министрлик ҳәм уйымлардыӊ басшылары усы шәртнама күшке киргеннинен кейин белгиленген тәртипте оныӊ қағыйдаларын әмелге асырыў үстинен қадағалаўды тәмийинлейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги