Қамақтағылардың өз жақынлары менен видеоушырасыўын шөлкемлестириў белгиленбекте (+видео)

272

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялар фракцияларының мәжилислери болып өтти. Оларда дәслеп соңғы күнлерде мәмлекетимиз турмысындағы әҳмийетли ўақыяларға тоқтап өтти ҳәм фракциялар алдында турған ўазыйпалар белгилеп алынды. Сондай-ақ, мәжилислерде бир қатар нызам жойбарлары қызғын додаланды.

Соның ишинде, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары қызғын додалаўларға себеп болды. Онда мийнет процессиндеги зорлықлардың алдын алыў, буннан жәбирленген шахсларды социаллық ҳәм ҳуқықый қорғаў мәселелери нәзерде тутылған.

Жойбарда сондай-ақ, зорлықтан жәбирленип, қорғаў ордеринен пайдаланған хызметкерге жыл даўамында 10 календарь күннен ибарат ҳақ төленетуғын дем алыс бериў нәзерде тутуылмақта. Және бир әҳмийетли жаңалық: перзент туўылғанда ер адамларға да 5 күнлик ҳақы төленетуғын дем алыс бериў усыныс етилмекте.

Халық демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде Жынаят атқарыў кодексине киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар кеңнен додаланды.

-Бул жойбарда жазаны өтеў мәкемелериндеги жаза өтеўшилердиң өз жақынлары, шаңарақ ағзалары менен видеоушырасыўларын шөлкемлестириў мәселеси нәзерде тутылмақта,- дейди ХДП фракциясы ағзасы Сайёра Имомова. _Жазаны өтеўшилер видеоушырасыўлар даўамында шаңарағын, перзентлерин көрип, сөйлесиўи оларда инсанларға, дәстүрлерге унамлы өзгерислерди пайда етиўи мүмкин. Сондай-ақ, видеоушырасыў қәрежети жаза өтеўшиниң  жазаны  өтеў даўамында өзи ислеп тапқан мийнет ҳақысынан қапланыўы оның шақарақ бюджетине тәсир етпейтуғынына хызмет етеди.

Мәжилислерде көрип шығылған барлық мәселелер бойынша усыныслар билдирилип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

ӨзА