Өзбекстан сыртқы ислер министри Оман елшисин қабыллады
233

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Оман елшиси Вафо Жабр Носир Ал-Бусаидий ханымды қабыллады.
Сөйлесиў даўамында елши ханымның елимиздеги жумысы даўамында еки мәмлекет қатнасықларын байытыў бойынша ҳәрекетлери жоқары баҳаланып, 2025-жыл және де нәтийжели болатуғыны күтилип атырғаны додаланды.
Мәмлекетлеримиздиң кең имканиятларына исбилермен топарлардың қызығыўшылығы артып атырғаны, еки ҳәм көп тәреплеме түрдеги нәтийжели бирге ислесиў ҳәм басқа әҳмийетли мәселелер күн тәртибиниң тийкарғы темаларынан болды.
ӨзА